Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Илим ҳәм технологиялар бойынша республикалық кеңеси ҳәм Өзбекстан Республикасының әдебият, көркем өнер ҳәм архитектура тараўындағы Мәмлекетлик сыйлықлар бойынша кеңес 2025-жылы берилетуғын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик сыйлықларына усыныслар 2025-жылдың 25-январына шекем қабыллайтуғынын мәлим етеди.
Илим ҳәм техника тараўындағы Мәмлекетлик сыйлықларға төмендеги талапларға жуўап беретуғын жумыслар қабылланады:
– республика илимин раўажландырыўға үлкен үлес болып қосылған ҳәм халықаралық көлемде тән алынған фундаментал изертлеўлер, жәмийеттиң социаллық-экономикалық, илимий-техникалық ҳәм руўхый-ағартыўшылық раўажланыўына күшли тәсир еткен ойлап табылыў ҳәм илимий қолланбалар, дүнья көлеминдеги ең алдыңғы стандартларға сәйкес болған ҳәм әмелиятқа үлкен нәтийже менен енгизилген жаңа техника ҳәм технологиялар (биринши дәрежели сыйлық ушын);
– республика илиминиң белгили бир тармақларын раўажландырыўға салмақлы үлес болып қосылған ҳәм сырт еллерде тән алынған фундаментал изертлеўлер, жәмийеттиң социаллық-экономикалық, илимий-техникалық ҳәм руўхый-ағартыўшылық раўажланыўына сезилерли тәсир көрсеткен ойлап табыўлар, илимий қолланбалар, билимлендириў мәкемелери ушын сабақлықлар, алдыңғы стандартларға сәйкес болған ҳәм өндирислик нәтийжели енгизилген жаңа технологиялар (екинши дәрежели сыйлық ушын).
Әдебият тараўындағы Мәмлекетлик сыйлықларға төмендеги талапларға жуўап беретуғын жумыслар қабылланады:
– өзбек әдебиятын раўажландырыўға үлкен үлес болып қосылған, кең мәдений жәмийетшилик тәрепинен тән алынған, халықаралық көлемде миллий әдебиятымыздың абырай-мәртебесин көтериўге хызмет еткен жоқары көркем әдебий дәрежедеги поэзиялық, прозалық ҳәм драмалық шығармалар, өзбек әдебияты ең бийбаҳа шығармаларының шет тиллерге аўдармалары ҳәм әдебияттыныў бағдарындағы фундаментал изертлеўлер (биринши дәрежели сыйлық ушын);
– заманагөй өзбек әдебиятының раўажланыўында мүнәсип орын ийелеген жоқары дәрежедеги көркем ҳәм публицистикалық шығармалар, дүнья әдебиятының миллий мәнаўиятымызды байытыўға хызмет ететуғын жетик шығармаларының өзбек тилине аўдармалары, әдебияттаныў тараўындағы изертлеўлер ҳәм әдебият сабақлықлары (екинши дәрежели сыйлық ушын).
Көркем өнер ҳәм архитектура тараўындағы Мәмлекетлик сыйлықларға төмендеги талапларға жуўап беретуғын жумыслар қабыл етиледи:
– республикамызда мәденият, көркем өнер ҳәм архитектураны раўажландырыўға теңсиз үлес болып қосылған, кең жәмийетшилик тәрепинен ҳәм халықаралық көлемде тән алынған, ең жоқары көркемлик дәрежедеги көркем өнер ҳәм архитекторлық шығармалар (биринши дәрежели сыйлық ушын);
– республикамызда мәденият, көркем өнер ҳәм архитектураны раўажландырыўға теңсиз үлес болып қосылған, кең жәмийетшилик ҳәм дөретиўшилер тәрепинен тән алынған, жоқары көркемлик дәрежедеги көркем өнер ҳәм архитектуралық шығармалар (екинши дәрежели сыйлық ушын);
Мәмлекетлик сыйлық жеке характерге ийе ҳәм қағыйдаға бола бир шахсқа бериледи. Мәмлекетлик сыйлыққа усыныс етилген жумыста бир неше шахстың үлеси шешиўши әҳмийетке ийе болған жағдайда ғана Мәмлекетлик сыйлық авторлар жәмәәтине берилиўи мүмкин. Авторлар жәмәәти бес адамнан аспаўы керек.
Бир неше шахслар тәрепинен орынланған жумысларды сыйлыққа усыныс етиўде талабанлар жәмәәтине тек ғана жумысты орынлаўда тиккелей дөретиўшилик қатнасы ең жоқары жәрежеде ҳәм шешиўши әҳмийетке ийе болған тийкарғы авторлар ғана киргизиледи. Авторлар жәмәәтиниң қурамына мәсләҳәтшилик, ҳәкимшилик ҳәм шөлкемлестириў жумысларын орынлаған шахсларды киргизиўге жол қойылмайды.
Авторлар жәмәәтиниң қурамына қайтыс болған, бирақ жумыстың орынланыўында қосқан үлеси әҳмийетке ийе болған шахслар да киргизилиўи мүмкин.
Мәмлекетлик сыйлыққа ҳүкиметтиң басқа сыйлығы менен алдын сыйлықланған авторлар да бурынғысынан өзгеше тәризде усыныс етилиўи мүмкин.
Илим ҳәм техника, әдебият, көркем өнер ҳәм архитекторлық тараўларындағы Мәмлекетлик сыйлықларға көрсетилип атырған илимий изертлеў, әдебий ҳәм көркем шығармалар баспасөзде жәрияланған, техникалық ҳәм технологиялар бойынша орынланған жумыслар өндириске енгизилген болыўы керек.
Музыка, театр, кино, сүўретлеў ҳәм басқа да көркем өнер шығармалары концертлер, көргизбелер, театрлар, радио ҳәм телевидение арқалы жәрияланған, кең жәмийетшиликке таныстырылғаннан кейин, архитектуралық шығармалар бойынша объектлер болса пайдаланыўға тапсырылғаннан бир жыл өткеннен соң усыныс етилиўи мүмкин.
Илим ҳәм техника, әдебият, көркем өнер ҳәм архитекторлық тараўларындағы Мәмлекетлик сыйлықларға усыныс етилетуғын ҳәр бир жумысқа усыныс етиўши шөлкем тәрепинен усыныс хаты жазылады ҳәм онда төмендегилер көрсетиледи:
– автордың (авторлар жәмәәти ушын – ҳәр бир автордың)фамилиясы, аты ҳәм әкесиниң аты (паспорт ямаса ID-карта бойынша), туўылған жылы ҳәм орны, жасаў мәнзили, жумыс ислеў ямаса жумыс түри, илими й дәрежеси ҳәм атағы (авторлардың фамилиялары әлипбе тәртибинде көрсетиледи);
– жумыстың аты;
– жумыстың усыныс етиўин тийкарлаўшы нәтийжелер, техникалық-экономикалық көрсеткишлер ҳәм руўхый-ағартыўшылық әҳмийети, әмелге асырылыў көлеми;
– жумыстың тамамланған, басып шығарылған, қурылған, жәмийетшиликке көрсетилген ҳәм өндириске енгизилген ўақты.
Усыныс хатын берип атырған шөлкемниң басшысы тәрепинен қол қойылған болыўы керек. Басшының өзи сыйлыққа талабанлар қурамына кирген жағдайда ғана хатқа басшының орынбасары қол қояды.
Усыныс хатына төмендеги ҳүжжетлер қосымша етиледи:
– жумысты усыныў ҳаққында оның аты, сыйлыққа талабанлардың фамилиясы, аты ҳәм әкесиниң аты көрсетилген ҳалда мәкеме илимий ямаса илимий-техникалық кеңес, министрлик коллегиясы ҳәм басқа да тийисли қадағалаў-мәсләҳәт уйымының мәжилис протоколынан көширме;
– жумыстың қай жерде әмелге асырылғаны, ўақты, салмағы ҳәм оның техникалық-экономикалық көрсеткишлери, руўхый-ағартыўшылық жақтан атап өтилген ҳалда қысқаша мазмуны (көлеми 10 беттен аспаўы, автор(лар) тәрепинен қол қойылыўы керек);
– буйыртпашы шөлкем бойсынатуғын министрлик ямаса уйым басшылығының келисимин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер (егер сыйлыққа усыныс етилген изертлеў жумысы буйыртпаға бола орынланған болса);
– авторлар жәмәәти тәрепинен орынланған жумыслар ушын ҳәр бир автордың жумысқа қосқан дөретиўшилик үлеси анық көрсетилген, ҳәр бир автор тәрепинен қол қойылған ҳәм нотариал тастыйықланған акт;
– ҳәр бир автор ушын 4х6 см. өлшемли реңли фотосүўрет жабыстырылған хызметкерлерди есапқа алыў бети ҳәм мағлыўматнама (электрон варианты менен);
– автор (лар)дың паспорт ямаса ID-картасының нусқасы;
– қосымша 4 дана 4х6 см. өлшемли фотосүўрет;
– илимий жумыслар, әдебий ҳәм драмалық шығармалар, аўдармалар, сабақлықлардың басылымы, машина ҳәм механизмлер, жаңа материаллар, конструкциялар сыпатламалары, өндириске енгизилген жумыслардың актлери, қурылған имаратлар ҳәм ашылыўлардың протоколлары, қосымша сызылма, схема, карта, фотоальбом ҳәм макетлер, көркем шығармалардың жазба, аўыслы ямаса видео жазыў, сүўрет, көлемли-фазалық ҳәм басқа да түрлерде басып шығарылған нусқалалары;
Еслетпе: билимлендириў мәкемелери ушын сабақлықлар бойынша тийисли министрлик ҳәм уйымлардың жуўмақлары қосымша етиледи.
Сыйлыққа усыныс етилген жумыс ҳәм оған байланыслы ҳүжжетлер үш нусқада тапсырылыўы керек.
Усыныс етилетуғын ҳүжжетлер нусқаларының ҳәр бир жыйымы өз алдына папкаға салынады. Басып шығарылған илимий, әдебий, көркем шығармалар ямаса өз алдына түпленген жумыстың протоколынан бир нусқадан да папкаға салынады. Папканың үстине жумысты усыныс етиўши мәкемениң аты, жумыстың аты ҳәм автор (лар) фамилиясы, аты ҳәм әкесиниң аты толық жазылады.
Илим ҳәм техника тараўындағы Мәмлекетлик сыйлықларға усыныс хатлар Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы тәрепинен қабыл етиледи.
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик сыйлығына усынылатуғын жумысларға қойылатуғын талаплар менен танысыў ҳәм керек болған ҳүжжетлерди таярлаў менен байланыслы мәселелер бойынша төмендеги мәнзиллерге мүрәжат етиў мүмкин:
Илим ҳәм техника тараўында Мәмлекетлик сыйлықлар бойынша:
100047, Ташкент қаласы,
Яҳё Ғулам көшеси, 70-жай, 315,317-ханалар,
тел: 71-236-77-07, 236-59-46;
Әдебият, көркем өнер ҳәм архитекторлық тараўлардағы Мәмлекетлик сыйлықлар бойынша:
100011, Ташкент қаласы,
Наўайы көшеси, 30-жай, 308-хана.
тел: 71-244-27-79.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Илим ҳәм технологиялар бойынша республикалық кеңес ҳәм Өзбекстан Республикасының әдебият, көркем өнер ҳәм архитекторлық тараўларындағы мәмлекетлик сыйлықлар бойынша кеңес.