Президент Шавкат Мирзиёев 5-ноябрь күни социаллық қорғаўға мүтәж балаларды тәрбиялаў, майыплығы болған шахсларды спортқа тартыўға байланыслы усыныслардың презентациясы менен танысты.
Бала ҳуқықлары ҳаққындағы конвенцияда шаңарақ орталығында ер жетиў перзенттиң үзликсиз ҳуқықы екенлиги белгиленген. ЮНИСЕФтиң мағлыўматларына бола, дүньяда жетим балалардың ярымы социаллық қорғаў хызметлери менен қамтып алынбаған.
Мәмлекетимиз басшысының быйыл 23-сентябрьдеги пәрманы менен қабыл етилген «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасында социаллық жетимликтиң алдын алыў, жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларға индивидуал қатнас тийкарында шаңараққа жақын орталықта ғамхорлық көрсетиў ҳәм тәрбиялаў ўазыйпалары да белгиленген.
Соған муўапық, бундай балаларды тәрбияға бериў ҳәм оларға социаллық хызмет көрсетиўге қаратылған илажлар ислеп шығылды.
Соның ишинде, баланы тәрбияға бериўде шаңарақ орталығын сақлап қалыўға үстинлик бериледи. Онда бәринен бурын, қәўендерлик, қайырқомлық ямаса перзентликке бериў қоллап-қуўатланады. Қәнигелестирилген мәкемеге ең соңғы илаж сыпатында жайластырылады.
Перзентлерди шаңарақтың кәмбағаллығы себепли Меҳрийбанлық ҳәм Балалар үйлерине жайластырыў әмелияты бийкар етиледи. Кәмбағал шаңарақ ўәкиллери жумысқа жайласқан жағдайда, баласы үш жасқа толғанға шекем бақша қәрежетлери ушын Социаллық қорғаў қорынан компенсация бериледи.
Балалар үйлеринде «Аналар дәргайы» шөлкемлестирилип, онда баласынан ўаз кешежақ болған аналар жайластырылады. Оларға социаллық, ҳуқықый, психологиялық ҳәм медициналық хызметлер көрсетиледи, аналық көнликпелери үйретиледи ҳәм кәсип ийелеўине жәрдемлесиледи.
Бундай хызметлерди шөлкемлестириўде мәмлекетлик емес шөлкемлер де кеңнен тартылады.
Аўыр турмыслық жағдайға түскен балалар тәрбияға берилгенге шекем «Инсан» орайы тәрепинен шаңарақлық балалар үйине жайластырылады. Тәрбияға берилетуғын балалар ушын индивидуал режеси ислеп шығылады.
Жетим балаларды анықлаў, оларды тәрбияға алыў тилегин билдирген шахслар мағлыўматы «Социаллық қорғаў» мәлимлеме системасында алып барылады. «Инсан» орайлары балалардың нызамлы ўәкили етип белгиленеди ҳәм ҳуқықлары менен мәплерин қорғайды.
Сондай-ақ, бул орайлар тәрбияға берилген балалардың турмыс шараятын, жәрдемлердиң мақсетли қолланылыўын ҳәм тәрбияға алған шахслардың миннетлемелерин мониторинг етип барады.
Шаңарақлық балалар үйин шөлкемлестирген пуқаралар өзин-өзи бәнт еткен шахслар сыпатында белгиленеди. Тутынған шаңарақларда тәрбияланып атырған балаларға улыўма орта ҳәм орта арнаўлы билимлендириўди тамамлағанға шекем жасаў ҳәм тәрбиялаў қәрежетлери төленеди.
Раўажланған мәмлекетлер тәжирийбесинен келип шығып, бул тараўда және бир ҳүжжет – «Балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў ҳаққында» нызам мақулланған. Онда бул бағдардағы ҳуқықый тийкарлар беккемленип, балаларды зорлықтан қорғаўшы мәмлекетлик уйымлар ҳәм олардың ўәкилликлери анық белгиленген. Президентимиз бул нызамға қол қойды.
Презентацияда майыплығы болған шахсларды спортқа тартыўға қаратылған усыныслар да көрип шығылды.
Елимизде 19 параспорт түри менен шуғылланыўға шараят жаратылған. 25 мың майыплығы болған шахслар спорт пенен шуғылланып келмекте.
Бул бағдардағы имканиятларды кеңейтиў мақсетинде бир қатар илажлар нәзерде тутылмақта. Атап айтқанда, мәмлекетлик спорт мектеплеринде адаптив спорт бойынша топарлар дүзиў, мәҳәллелердеги майданшаларды майыплығы болған шахсларға да бейимлестириў усыныс етилмекте.
«ERP-sport» электрон системасында майыплығы болған шахслардың өз алдына есабын жүргизиў арқалы олардың имканиятына сәйкес спорт түрлери автомат түрде анықланады.
Реабилитация орайларында физикалық терапия, механотерапия, физиотерапия сыяқлы заманагөй реабилитация усылларын қолланыў кеңейтиледи.
Адаптив денетәрбия ҳәм спорт қәнигелерин таярлаўға да итибар күшейтиледи. Бул бағдарда халықаралық жарысларда жеңимпаз болғанлар ҳәм олардың тренерлерин материаллық қоллап-қуўатлаў системасы енгизиледи.
Мәмлекетимиз басшысы бул бағдардағы нызамшылықты жетилистириў, социаллық қорғаўға мүтәж инсанларға қолайлықлар жаратыў бойынша көрсетпелер берди.
ӨзА