Елимизде спорт тараўына жетерлише итибар қаратылып атырғанлығы себепли, жасларымыз арасынан қәбилетли спортшылардың жетилисип шығып атырғанлығы қуўанышлы жағдай.
Усындай жас спортшыларымыздың бири, аўыр атлетика бойынша Өзбекстан сайланды командасының ағзасы, бир неше мәрте Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан чемпионы Ғайрат Айтмуратов.
Ғ.Айтмуратов усы жыл 7-14-июль күнлери аралығында Ташкент қаласында спорттың аўыр атлетика түри бойынша жаслар арасында өткерилген Жәҳән чемпионатында 77 киллограм салмақта беллесиўге түсип, дәс көтериўде 146 киллограмлық тасты өзине бойсындырып, чемпионаттың қола медалы менен сыйлықланды.
– Әрманларым көп. Әсиресе, Жәҳән чемпионы, Өзбекстан аўыр атлетшиси, Жәҳән рекордын орнатқан, Бразилияда өткерилген Олимпиада алтын медалы менен сыйлықланған Руслан Нуриддиновтай спортшы болыўды әрман етемен, – дейди Ғайрат Айтмуратов. – Аўыр атлетика спорт түри спортшыдан көп күшти, мийнетти талап етеди. Өз үстиңде көп ислеўиң керек.
7 жылдан берли спорттың аўыр атлетика түри менен турақлы шуғылланып киятырған бул жас спортшыға 2017-жылы «Өзбекстан спорт шебери» атағы берилди.
Сондай-ақ, ол республикамыз көлеминде өткерилип атырған чемпионатларға белсене қатнасып келмекте. Атап айтқанда, 2017-жыл 4-7-май күнлери аралығында Шыршық қаласында 1997-жылы туўылған ҳәм оннан киши жастағы жаслар ҳәм қызлар арасында өткерилген Өзбекстан чемпионатында 77 киллограм салмақ категориясында екинши, 28-31-май күнлери аралығында Жиззақ қаласында өткерилген «Бәркамал әўлад- 2017» спорт ойынларында биринши, усы жыл 14-18-март күнлери аралығында Шыршық қаласында 1998-жылы туўылған ҳәм оннан киши жастағы жаслар ҳәм қызлар арасында өткерилген Өзбекстан чемпионатында екинши орынды ийеледи.
Оның бундай жетискенликлерге ерисиўинде тренерлери Анвар Пердебаев ҳәм Атажан Матякуповлардың мийнетлери айрықша екенлигин атап өтиў керек.
Ғайрат Айтмуратов усы жыл Ташкент Денетәрбия институтының сыртқы бөлим бағдарына оқыўға кириўге ҳүжжет тапсырды. Ҳәзир имтиханға таярлық көрмекте.
Оған әўмет күлип бағыўын тилеймиз.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы