Парижде ЮНЕСКО Атқарыў кеңесиниң 220-ессиясы болып өтти. Онда ағза мәмлекетлер бир аўыздан «Жасалма сана әдеп-икрамы тараўындағы илимий изертлеўлер ушын Беруний атындағы ЮНЕСКО-Өзбекстан сыйлығы»н шөлкемлестириў басламасын қоллап-қуўатлады.
Бул баслама Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен жасалма сананы раўажландырыўда әдеп-икрамлылық тәреплерди үгит-нәсиятлаў ҳәм бул бағдардағы илимий бирге ислесиўди қоллап-қуўатлаў мақсетинде алға қойылған.
Беруний сыйлығы инклюзивлик ҳәм мәдений ҳәр түрлиликке айрықша итибар берген ҳалда жасалма сана әдеп-икрамы тараўындағы изленислерди қоллап-қуўатлаўға қаратылған. Бул Өзбекстан менен ЮНЕСКО арасындағы илимий-мәдений байланысларды беккемлеў, уллы ойшыл ҳәм энциклопедист илимпаз Әбиў Райхан Берунийдиң илимий мийрасын халықаралық көлемде ғалаба ен жайдырыўда әҳмийетли қәдем болады.
Бул жасалма сана әдеп-икрамы тараўындағы жетискенликлер ушын берилетуғын БМШ системасындағы биринши халықаралық сыйлық болып есапланады. Ол ҳәр еки жылда бир мәрте үш жеңимпазға тапсырылады. Сыйлықлаў жасалма сана тараўындағы илимий изертлеўлерди жоқарылатыўшы ҳәм әдеп-икрамлылылық принциплериниң әмелде қолланылыўын көрсетиўши жойбар ҳәм басламалар ушын әмелге асырылады. Жеңимпазларға ақшалай сыйлық, сертификат ҳәм медаль тапсырылады.
Сыйлықтың биринши презентациясы 2025-жыл ноябрь айында Самарқанд қаласында ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы шеңберинде өткерилиўи режелестирилген.
Жеңимпазлар жасалма сана тараўындағы жетекши қәнигелерден ибарат еркин халықаралық төрешилер коллегиясы тәрепинен анықланады. Бул сыйлық жасалма сананы ислеп шығыўда тек ғана әдеп-икрамлылық қатнаслардың әҳмийетлилигине итибар берип қоймастан, керисинше таң қаларлық шақырықларға шешим табыўға бағдарланған халықаралық илимий бирге ислесиўди беккемлеў бойынша және де кең көлемли ҳәрекетлердиң бир бөлеги болып есапланады.
ӨзА