Сырт ел инвестицияларын кеңнен тартыўға қаратылған илажлар шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы 2024-жылы 604 миллион АҚШ долларлық 34 жойбардан ибарат сырт ел инвестициясы ҳәм кредиттиң өзлестирилиўине жуўапкер етип белгиленген.

Төрткүл районындағы Оң жағалық каналында 2мВт қуўатлықтағы гидроэлектростанция қурыў жойбары менен шыққан «Voris China» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен жер ажыратылыўына байланыслы машқаласы жергиликли ҳәкимият ҳәм бажыхана уйымларының ҳәрекети менен унамлы шешилди. Канал әтирапынан ажыратып берилген 1,4 гектар жер майданында жаңа гидроэлектростанцияның қурылыс жумыслары басланыў алдында.

Райондағы шийше ыдыслар ислеп шығарыў менен шуғылланыўшы кәрхана бүгин тек ғана ишки базарда емес, ал дүнья еллеринде де өзиниң турақлы қарыйдарына ийе. 20 дан артық түрдеги шийше ыдыс ислеп шығарып атырған кәрханада бүгин 150 ге шамалас жергиликли халық турақлы жумыс орны менен тәмийинленген.

Кәрхана өнимлерин экспортқа қаратыўда бажыхана тараўында жаратылған жеңилликлер ҳәм қолайлықлардан да пайдаланбақта. Суткасына 32 тонна шийше ыдыс ислеп шығарыў қуўатлығына ийе болған бул кәрханада «Төрткүл» бажыхана пункти хызметкерлери тәрепинен тараўдағы өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар бойынша үгит-нәсият жумыслары әмелге асырылды.

Даўыт Абибуллаев,

Қарақалпақстан хабар агентлиги