Фоторепортаж

Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында пидайы, жанкүйер устазлар жәм болған. Олар қатарында көп жыллық мийнет тәжирийбесине ийе профессор-оқытыўшы, аўыл хожалығы илимлериниң докторы Рўзимбай Турғунбаев да бар.

Пидайы педагог дерлик 30 жылдан берли аўыл хожалығы ҳәм шарўашылық бағдарында жоқары мағлыўматлы кадрларды таярлап келмекте. Оның 100 ден артық илимий мақаласы ҳәм 10 нан аслам илимий монографиясы басып шығарылған. Сондай-ақ, бир қанша жас илимпазлардың илим кандидатурасы ҳәм илим докторлығы бойынша илимий диссертация жумысларын қорғаўда илимий басшылық еткен. Ҳәзирги ўақытта Р.Турғунбаев жоқары билимлендириў дәргайындағы «Зооинженерия» кафедрасының басшысы болып жумыс алып бармақта.

Мақсет ҲАБИБУЛЛАЕВ (сүўрет),

Қарақалпақстан хабар агентлиги