25-июль күни пайтахтымыздағы республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде спорттың стол тенниси бойынша «Мәҳәллемиз стол теннисшилери» атамасындағы жарыстың Қарақалпақстан республикалық басқышы өткерилди.

Жарысқа мәҳәллелердеги 11 жастан 14 жасқа шекемги ер ҳәм қыз балалар, сондай-ақ,  30 жасқа шекемги 16 жас шаңарақ қатнасты.

Жарыстың  мәҳәллелераралық басқышында жәми 1300 ге шамалас жас шаңарақ ҳәм  2800 ден аслам жас өспиримлер қатнасты.

– Шоманай районындағы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде спорттың  үлкен теннис түри бойынша тренер болып жумыс ислеймен,  жарысқа еки шәкиртимди де алып келдим,-дейди жарыс қатнасыўшысы, жас шаңарақ ағзасы Манзура Сәрсенбаева. Оқыўшыларым бос ўақытларын мазмунлы өткерип атыр, бул жерге келип жаңадан  дослар арттырды.

Жарыста жас шаңарақлар арасында Қанлыкөл районындағы «Дослық» мәкан пуқаралар жыйынынан Аллабаевлар шаңарағы биринши, Қараөзек районындағы «Қутлы мәкан» мәкан пуқаралар жыйынынан Ешмуратовлар шаңарағы екинши, Кегейли районындағы «Гүжим терек» мәкан пуқаралар жыйынынан Бегмашовлар шаңарағы үшинши орынды ийеледи.

Ер балалар арасында Нөкис районынан Әмирхан Мәтниязов («Төк таўы» МПЖ) биринши, Шымбай районынан Жетес Жанузақов («Бердақ»МПЖ) екинши, Тахтакөпир районынан Мақсет Кеңесбаев («Тахтакөпир» АПЖ) үшинши орынды алыўға еристи.

Қыз балалар арасында Тақыятаслы Зулқумар Макарова («Тақыятас» МПЖ) биринши, Нөкис районынан Нилуфар Мадреймова («Ақмаңғыт» қалалық ПЖ) екинши, Әмиўдәрья районынан Ҳуршида Қошқарбаева («Наўайы» МПЖ) үшинши орынға ылайық болды.

Жарыс жеңимпазлары Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы