Ташкенттеги Халықаралық саўда орайында 23-июль күни Саўда-экономикалық ҳәм илимий-техникалық бирге ислесиў бойынша Өзбекстан – Вьетнам ҳүкиметлераралық комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти.

Илажда еки елдиң  сыртқы экономикалық байланыслар, саўда-санаат, инвестиция, илим-билимлендириў, аўыл ҳәм суў хожалығы сыяқлы бир қатар тараўлар ушын жуўапкер министрликлер ҳәм ведомстволардың, компания ҳәм концернлердиң басшылары қатнасты.

Өзбекстан Республикасы сыртқы саўда министри, комиссияның жәрдемши баслығы Жамшид Хўжаев, Вьетнам Социалистлик Республикасы санаат ҳәм саўда министриниң орынбасары Хоанг Куок Вионг ҳәм басқалар еллеримиз арасындағы бирге ислесиў барлық бағдарларда, соның ишинде, саўда-экономикалық, санаат ҳәм илимий-техникалық тараўларда избе-из раўажланып баратырғанын айрықша атап өтти.

Өзбекстан менен Въетнам арасында дипломатия қатнасықлары 1992-жылы орнатылған. Өз-ара бирге ислесиў беккем ҳуқықый тийкарға ийе. Саўда-санаат, инвестиция, илим,  туризм сыяқлы көплеген тараўлардағы байланысларды тәртипке салатуғын 20 дан аслам ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилген.

Еллеримиз саўда-экономикалық байланысларды раўажландырыў бағдарында үлкен потенциалға ийе. Өзбекстан Вьетнамға лобия, жипек, жоқары сапалы пахта талшығы, минерал төгинлер ҳәм басқа да товарларды экспорт етеди. Вьетнам елимизге үскенелер, электротехника, фармацевтика өнимлерин, кофе ҳәм чай жеткерип береди.

Өз-ара товар алмасыў көлеми турақлы артпақта. Бул бағдардағы көрсеткиш быйылғы жылдың алты айында өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 2,4 есе өсти. Өзбекстанда Вьетнам инвестициясының қатнасында дүзилген 17 бирликтеги кәрхана жумыс ислемекте.

Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилисинде Өзбекстан ҳәм Вьетнам өз-ара товар алмасыў көлемин буннан былай да арттырыўдан, кең көлемли саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм илимий- техникалық бирге ислесиўди кеңейтиўден мәпдар екени атап өтилди.

Вьетнам делегациясы Өзбекстанда алып барылып атырған экономикалық сиясат, сырт ел инвестициясын тартыў ушын жаратылып атырған шараят, еркин ҳәм киши санаат зоналарындағы имканиятлар менен таныстырылды.

Илажда өз-ара бирге ислесиўде бирликтеги жойбарларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Өзбекстандағы қолайлы инвестициялық орталық себепли Вьетнам исбилерменлериниң елимизде елимизде исбилерменлик жумысын жолға қойыўға қызығыўшылығы артып баратырғаны атап өтилди. Саўда, экономикалық, инвестиция, жеке меншик сектор сыяқлы бағдарлардағы бирге ислесиўди буннан былай да жеделлестириў, экологиялық таза технологияларды енгизиўге ҳәм раўажландырыўға байланыслы мәселелер додаланды.

Сол күни Вьетнам делегациясының ағзалары бир қатар министрликлер ҳәм ведомстволарда экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери бойынша ушырасыўлар ҳәм сөйлесиўлер  өткерди.

Улуғбек ШОНАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы