Шаңарақта меҳрибан ана, опалы өмирлик жолдас, пәзенде  үй бийкеси ҳәм ҳәр қандай кәсиптиң пидайысы сыпатында жәмийетте өз орнына ийе болған  ҳаял-қызларымыз ушын мәмлекетимизде олардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм гендер теңлик мәселесинде бир қатар нызамлы ҳүжжетлер қабыл етилген. Лекин, соған қарамастан базыда нәзик тәбиятлы ҳаял-қызларымыздың шаңарақта, жәмийетте басым ҳәм зорлықларға ушырап, олардың ҳуқықлары аяқ-асты болыў жағдайлары ушырасып турады. Ғалаба хабар қуралларында тараў қәнигелери тәрепинен кең түрде түсиниклер берилип барылыўына  қарамастан айырым ҳаял-қызларымыз жәбир көрген ўақытлары қай жерге хабарласарын яки қандай жол тутарын билмейди.  Бул сораўлардың жуўабын табыў мақсетинде агентлигимиз шолыўшысы Г. Турдышова Нөкис қаласы ишки ислер уйымлары жумысларын муўапықластырыў басқармасы, ҳаял-қызлар мәселелери бойынша үлкен инспекторы, подполковник Айжамал Наменова менен сәўбетлесип, төмендегише жуўап алды:

-Мәмлекетимизде инсан қәдири барлық нәрседен үстин болып, ҳәр бир пуқара мәмлекеттиң қорғаўында. Әсиресе, балалар ҳәм ҳаял-қызлардың мәплерин,  оларды шаңарақта, жәмийетте исленип атырған басым ҳәм зорлықлардан қорғаў ҳәм алдын алыў, соның менен бирге гендер теңликти тәмийинлеў бойынша  бир қатар ҳуқықый нормативлик ҳүжжетлер қабыл етилип, олардың орынланыўы бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта.  Атап айтқанда 2019-жылдың   2-сентябрь күни Өзбекстан Республикасының «Ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер ушын теңдей ҳуқық ҳәм имканиятлар кепилликлери ҳаққында» ғы   ҳәм  «Ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў ҳаққында» ғы еки әҳмийетли Нызам қабылланды. Сондай-ақ, Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл  4-январьда «Ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы  қарары қабыл етилип, бул Нызам ҳәм қарар  талапларын орынлаў мақсетинде «Басым ҳәм зорлықтан жәбирленген ҳаял-қызларға қорғаныў ордерин бериў, орынланыўын  тәмийинлеў ҳәм оның мониторингин алып  барыў бойынша»   реже  ислеп шығылды.  Бул нызамлардың ҳүжжетлериниң әҳмийетли тәрепи сонда- ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў ҳәм ким болыўына қарамастан,  қай ўақытта зорлыққа ушырамасын, ўәкилликли шөлкемлерге яки ишки ислер уйымларына мүрәжат етилсе, оларға қорғаныў ордерлери берилиўи белгиленди. Усы тийкарда  олар бәрқулла мәмлекет қорғаўында болады. Қорғаныў ордерлери тийкарынан басым ҳәм зорлыққа ушырап, жәбирленген ҳаял-қызлардың мүрәжатлери, социаллық тармақлар  ҳәм ғалаба хабар қураллары  арқалы тарқалған хабарлар сондай-ақ, физикалық ҳәм юридикалық тәреплер менен ўәкилликли уйымлар тәрепинен жиберилген хабарлар тийкарында  жағдайлар үйренилип, тийисли деп табылғаннан соң қорғаныў ордери  30 күн мүддетке берилип, ол шанарақ,  мәҳәлле жетилиги  ҳəм басқа да уйымлар тəрепинен қадағалаўға алынады. Соң  басым ҳəм зорлыққа ушыраған ҳаял-қызларымыз Қарақалпақстан Республикасы ҳаял-қызларды  реабилитациялаў  ҳəм бейимлестириў орайына жибериледи ҳəм ол жерде түскиниликке түсип қалған ҳаяллар менен бийпул психолог жеке шуғылланып, оған психологиялық жəрдемлер кɵрсетеди. Соныӊ менен бирге, ол жердеги юрист тəрепинен ҳаялларға бийпул юридикалық мәсләҳәтлер бериледи. Ҳаяллардың ɵз қəлеўлери менен реабилитация орайларында 1 айға шекем ўақтынша сақланады (ол жерде жатыўда бийпул болады).

30 күн даўамында қайтадан басым ɵткериўди даўам етсе Ɵзбекстан Республикасы Ҳəкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниӊ 2061-статьясы тийкарында еӊ кем мийнет-ҳақыныӊ 1 есесинен 3 есесине шекем жәрийма ямаса 15 суткаға шекем ҳəкимшилик қамақ жазасы суд тəрепинен белгиленеди. Алдынғы Нызамда (561) 30 күннен кейин жəне 30 күн мүддетке яғный, 60 күнге профилактика инспекторы тəрепинен создырыў белгиленген еди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2023-жыл    11-апрельдеги   «Ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықларын, еркинликлери менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаў системасын және де жетилистириў  мүнәсибети менен  Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында» ғы Нызамы кабыл етилди. Усы Нызам тийкарында 561-санлы Нызамының   231-статьясы менен қорғаныў ордери мүддети Жынаят ислери бойынша суд тәрепинен 1 жылға шекемги мүддетке создырыў белгиленди. Усы Нызам талаплары Нөкис қаласында  бириншилерден болып әмелиятта қолланылып, ҳаял-қызларға берилген қорғаныў ордериниң  мүддети 6 айға шекем создырылып берилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик Кодесиниң  248-статьясына қосымшалар киргизиў ҳаққында” ғы 2024-жыл 1-февраль күнги  Нызамы менен Ишки ислер министрлиги ҳаял-қызлар мәселелери бойынша инспекторларына басым ҳәм зорлық өткерген ямаса басым ҳәм зорлық  өткериўге бейим  болған шахс тәрепинен қорғаныў ордери талапларын орынламағанлығы ушын ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықты рәсмийлестириў ўәкиллиги берилди. Усы Нызам тийкарында Нөкис қаласы бириншилерден болып әмелиятта қолланып, басым ҳәм зорлық өткерген ямаса басым ҳәм зорлық  өткериўге бейим  болған шахс тәрепинен қорғаныў ордери талапларын орынламағанлығы ушын ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық жағдайлары бойынша 2 жағдай  анықланып,  суд тəрепинен қорғаныў ордери талапларын бузған 2  (еки)  шахсқа ҳəкимшилик қамақ жазасы тайынланды

Кабыл етилген ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўы бойынша  Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап      қуўатлаў бөлими менен бирге ислесиў мақсетинде ис-реже ислеп шығылып, ҳаял-қызлар тәрепинен әмелге асырылыўы  мүмкин болған жынаятшылық ҳәм хуқықбузарлықтың алдын алыўда мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап қуўатлаў бөлими,  мәкан пуқаралар жыйынлары баслықларының  ҳаял-қызлар белсендилери   менен биргеликте шаңарақлардың машқалалары үйренилип,  шешиў илажлары көрилмекте.

2024-жылдын 8 айы даўамында 389 ( 2023-жыл 8 айда 388 ) ҳаял-қызларға «Қорғаныў ордери» берилген болып, ɵткен жыл менен салыстырғанда  1 ордерге яғный -0,26 процентке өскен.  Қорғаныў ордери берилген ҳаял-қызлар жасына қарай талланғанда жас ѳспиримлер 0, 18-30 жастағылар-119, 31-60 жастағылар-227, 60 жастан асқанлар-41.  Басым өткерген шахслар талланғанда күйеўи тәрепинен ҳаялына-296, келини тәрепинен енесине-3, енеси тәрепинен келинине-6, басқа шахслар тәрепинен-81 ҳаял-қызларға берилген.

Басым өткерилген орынлар үйренилгенде, берилген қорғаныў ордерлериниң кɵпшилик бɵлеги шаӊарақларда жүз берген. Басым ҳәм зорлықтыӊ төрт түри болып олардың түрлери талланғанда, 61 физикалық зорлық , 221 руўхый зорлық, 104 басым жағдайлары  анықланды. Жынысый зорлық жағдайлары  анықланбады.

Усы Қорғаныў ордерлери берилиўи нәтийжесинде 193 шаңарақ жарастырылып, 192 шаңарақтағы келиспеўшиликтиң алды алынды.

Ҳаял-қызлар арасында ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў мақсетинде, сондай-ақ ҳуқықбузарлыклардың улыўмалык, жеке, арнаўлы ҳәм виктимологиялық профилактикасын әмелге асырыўда усы жылдың 8 айы даўамында 689 шаңарақтың жасаў шараятлары үйренилди. Сол шаңарақларда 814 машқала анықланып, соннан 721 машқаланың унамлы шешими табылды ҳәм  басқарманың ҲКМБ инспекторлары тәрепинен 893 профилактикалық сәўбетлесиўлер өткерилди. Ҳаял-қызлар арасында биометириялық паспортына ийе емес 4 ҳаял-қызға ҳәм кем тәмийинленген 2 ҳаял-қыздың 16 жасқа толған перзентине биометриялық  паспортларын алыўда әмелий жәрдемлер берилди.

Бәнтликке көмеклесиў ҳәм халықты социаллық қорғаў орайында 311 жумыссыз ҳаял-қызлар болып олардың бәнтлиги тәмийинлеў илажлары көрилмекте.

Бул жумысларды алып барыўда мәкеме ҳәм шөлкемлер, мәҳәллелерде ҳаял-қызлар мәсләҳәтшилери, оқыў орынларында ҳаял-қызлар комитети баслықлары, көше бий апалар ҳәм үлгилиги шаңарақ ийелери  менен бирге ислесип келмектемиз.  Шаңарақтың аўызбиршилигин ҳәм беккемлигин сақлаў, ҳаял-қызлар ҳәм балаларға зорлық ҳәм басымлар өткериўдиң алдын алыў, олардың ҳуқықый ҳәм психологиялық  саўатын арттырыў  бойынша орынларда түсиник жумыслары менен ушырасыў кешелери сондай-ақ,  профилактикалық илажлар өткерилип келинбекте. Атап айтқанда «Биз алдаўшылыққа қарсымыз», «Мәҳәлледеги бийтаныс ҳаялға бийпәрўа болмайық», «Биз зорлыққа қарсымыз», «Сиз нызам қорғаўындасыз»,  «Гендер теңлик», сондай-ақ мәҳәллелердеги ҳаял-қызлар мәсләҳәтшилери менен биргеликте «Сырт елдеги ҳаяллар да итибардан шетте қалмайды» темасында сырт елде ислеп атырған ҳаял-қызлар менен социал тармақлар арқалы сөйлесиўлер алып барылды.    Бул илажлардың нәтийжесинде алдағы ўақытларда унамлы өзгерислер болып, жақсы нәтийжелерге ерисемиз,  деген үмиттемиз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги