Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) хызметкерлери ҳәм Ташкент қаласындағы регионаллық ўәкил тәрепинен жабық мәкемелерге мониторинг сапарлары әмелге асырылды.

Мониторинг сапарларында, Ташкент қаласында жайласқан Республикалық клиникалық руўхый кеселликлер емлеўханасы, Ишки ислер уйымларының ҳәкимшилик қамаққа алынған шахсларды қабыллаў ҳәм сақлаў ушын мөлшерленген арнаўлы китапханасы, Турақлы жасаў орнына ийе болмаған шахсларды реабилитациялаў орайы ҳәм «Меҳир-сақаўат» үйи көзден өткерилди.

Бул илажда ҳәрекетлениў еркинлиги шекленген шахслар сақланатуғын мәкемелердеги шараятлар, соның ишинде, жасаў орынлары, аўқатланыў, медициналық хызметтен пайдаланыў шараятлары, ушырасыў ҳәм жуўыныў ханаларының жағдайы, китапхана ҳәм сейилге шығыў орынларындағы шараятлар үйренилди. Мәкемелерде сақланып атырған шахслар менен жәмәәтлик ҳәм жеке тәртипте сөйлесиўлер өткерилди.

 Үйрениў нәтийжесинде Республикалық руўхый кеселликлер емлеўханасында азық-аўқат өнимлерин санитариялық-гигиеналық талапларға сәйкес түрде сақланбайтуғыны анықланды. Ҳәкимшилик қамаққа алынған шахсларды қабыллаў ҳәм сақлаў ушын мөлшерленген арнаўлы қабыллаўханада мүддети өткен дәри қураллары сақланып атырғаны белгили болды.

Омбудсман ўәкиллери бул кемшиликлерди жуўапкерлерге мәлим еткенинен кейин олар тезлик пенен сапластырылған. Кейинги мониторинглерде усы өзгешеликлер қайта тексериледи.

Еслетип өтемиз, Омбудсман тәрепинен қыйнаўлардың алдын алыў бойынша мониторинг сапарларының жуўмағы бойынша анықланған кемшиликлер бағдарында таллаў мағлыўматлары парламентке усынылады.

Омбдусманның Қарақалпақстан Республикасындағы регионаллық ўәкилиниң басламасы менен Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте Нөкис қаласында жайласқан 2-санлы тергеў қамақханасында 300 ден артық шахс ушын медициналық тексериў шөлкемлестирилди. Илажға тәжирийбели шыпакерлер тартылды.

Профилактикалық медициналық тексериўлердиң нәтийжесине бола, айырымларда зоб, қантлы диабет, қан басымы, жүректеги өзгерислер менен байланыслы кеселликлер анықланды. Сондай-ақ, 5 шахсқа көз кеселликлери бойынша сәйкес көзәйнеклер ҳәм зәрүр дәрилер буйырылды.

Медициналық тексериў нәтийжелери бойынша 22 шахсқа амбулатор тәртипте емлениў, бесеўине қосымша тексериў усыныс етилди. Сондай-ақ, 18 шахсқа алып атырған дәрилерине қосымша дәри-дәрмақлар жазып берилди. 3 хирургиялық әмелият өткерилетуғын болды.

Омбудсманның регионаллық ўәкили бул қамақханада сақланып атырған шахслардың пикирлерин үйренип, мүрәжатлерин қабыллады.

Н.Абдураимова, ӨзА