Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында Азия раўажланыў банкиниң халықаралық консультантлары ҳәм жергиликли жумысшы топар ўәкиллери менен ушырасыў шөлкемлестирилди.

Филиал басшылары менен болып өткен сөйлесиў даўамында усы банк пенен келешекте биргеликте билимлендириў ҳәм аўыл хожалығы, ветеринария ҳәм шарўашылық тараўларында ири жойбарларды әмелге асырыў, өз-ара нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойыў арқалы унамлы нәтийжелерге ерисиў, ветеринария ҳәм шарўашылық тараўы бойынша филиал тәрепинен усынылған пайдалы жойбарларды үйренип шығыў ҳәм қаржыландырыў, әмелиятқа қолланыў сыяқлы әҳмийетли усыныслар алға қойылды.

Сөйлесиў даўамында мийманлар Қарақалпақстанда аўыл хожалығы ҳәм ветеринария ҳәм шарўашылық тараўлары бойынша биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ушын қолайлы орталық бар екенлигин атап өтип, филиал басшысын усы имканиятлардан үнемли пайдаланыўға шақырды. Биргеликте жумыс алып барыў, үлкен жойбарларды қолланыў, сол арқалы тараўдың раўажланыўына үлес қосыў сыяқлы мәселелер додаланды.

Сөйлесиў даўамында жойбарларды усыныў ҳәм мақсетке бағдарлаў усыллары, соның ишинде, климат өзгериўине шыдамлы шарўашылықты раўажландырыў жойбарын таярлаў бойынша толық түсиник берилди. Азия раўажланыў банкиниң ўәкиллери менен келешекте нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойыў ҳәм шарўашылық тараўында халыққа пайдалы болған ири жойбарларды әмелге асырыўға келисип алынды.

Даўыт Абибуллаев,

Қарақалпақстан хабар агентлиги