Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-августтағы 213-санлы пәрманы менен өткен оқыў жылында Қарақалпақстан Республикасында турақлы жасайтуғын ҳәм улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлерин тамамлаған жаслар ушын мәмлекетлик грант тийкарында қосымша 3 мың квота, соның менен бирге, төлемли-контракт тийкарында қосымша 6500 квота ажыратылған еди.
Быйылғы жылда да республикамыздың қала ҳәм районлары ушын зәрүр болған маманлықлар санынан ҳәм кадрлардың ишки мүтәжликлеринен келип шығып, 10 мың қосымша квота ажыратылды. Бунда ўәлаятлардағы жоқары оқыў орынларын таңлаған абитуриентлер ушын қосымша төлемли-контракт тийкарында 7 мың квота берилген болса, Қарақалпақстан Республикасындағы жоқары оқыў орынлары ушын 2 мың квота, Ташкент қаласындағы жоқары оқыў орынлары ушын мың қосымша квота төлемли-контракт тийкарында ажыратылды.
Әлбетте, қосымша квоталардың ажыратылыўы бул республикамыз ушын зәрүр болған жоқары билимге ийе маман кадрларды таярлаўда әҳмийетли болып, бул өз гезегинде ҳүрметли Президентимиздиң қарақалпақстанлы жаслар ушын айрықша жаратып берген имканиятларының және бир көриниси болды, десек алжаспаған боламыз.
Елимиз басшысы тәрепинен жасларға жаратылып атырған бундай кең имканиялардан кегейлиши Тумарис Турсынбаева да пайдаланып, өзи таңлаған Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Шет тиллери факультетине студент болмақта.
Әсиресе, бул жаңалық жаслар менен бирге, олардың ата-аналарын да шексиз қуўанышқа бөлемекте. Бизлер буны Тумарис Турсынбаеваның анасы Муҳаббат Өтепбаева менен болған сәўбет даўамында толық аңладық.
Қарақалпақстан хабар агентлиги