Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбек халқының уллы эциклопедист алымы, Темурийлер мәмлекетиниң белгили ҳүкимдары Муҳаммед Тарағай Мырза Улығбек өзиниң бай илимий-ағартыўшылық мийрасы ҳәм бийбаҳа дөретиўшилик жумысы менен елимиздиң ҳәм дүнья цивилизациясының раўажланыўына үлкен үлес қосқан тарийхый тулға.

Орта әсирлерде ана ўатанымызда жүзеге келген екинши Ояныў дәўириниң жарқын тулғасы есапланған Мырза Улығбек узақ жыллар өз салтанатын әдил ҳәм адамгершилик идеялары тийкарында басқарыў ҳәм кең көлемли дөретиўшилик жумысларын әмелге асырыў менен бирге илим, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларын раўажландырыўға айрықша итибар қаратты. Оның басламасы ҳәм қәўендерлиги астында көплеген медиреселер, мектеплер, китапханалар, мешитлер, кәрўан сарайлар, көпирлер ҳәм саялы бағлар қурылды. Нәтийжеде үлкемиз ҳәр тәреплеме раўажланып, Шығыстағы ири мәденият ҳәм илим диярына айланды.

Мырза Улығбек математика, физика, тарийх, архитектура тараўларында үлкен нәтийжелерди қолға киргизди. Уллы ойшыл, әсиресе, Самарқанд қаласындағы өзи қурдырған обсерваторияда әмелге асырған кең көлемли илимий изертлеўлер ҳәм ойлап табыўлары менен дүнья астрономия илиминиң раўажланыўында түпкиликли бурылыс жасады. Уллы ўатанласымыздың усындай излениўлери нәтийжесинде жүзеге келген «Зижи жадиди Кўрагоний» шығармасы ҳәзирги ўақытта да жулдызлар илими тараўында дүньядағы ең уллы дөретпелерден бири сыпатында тән алынып, алымлар тәрепинен үлкен қызығыўшылық пенен үйренилмекте.

Ғәрезсизлик жылларында Мырза Улығбектиң өмири ҳәм жумысын ҳәр тәреплеме үйрениў ҳәм ғалаба ен жайдырыў мақсетинде көплеген изертлеўлер, жергиликли ҳәм халықаралық көлемде илимий-әмелий әнжуманлар турақлы өткерип келинбекте. Оның дәўиринде қурылған архитектуралық имаратларды қәстерлеп-сақлаўға айрықша әҳмийет қаратылмақта.

Бүгинги күнде елимиздеги көплеген елатлы пунктлер, билимлендириў мәкемелери, пайтахтымыздағы ири район Мырза Улығбек аты менен аталады. Мәмлекетимиз ҳәм сырт елде алымның саўлатлы естеликлери орнатылған.

Уллы ата-бабаларымыз дөретпелериниң миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық мазмун-мәнисин, олардың жас әўладтың интеллектуаллық ҳәм руўхый потенциалын арттырыў ҳәм усы тийкарда Жаңа Өзбекстанның мүнәсип қурыўшылары етип тәрбиялаў бағдарындағы ажыралмас орны ҳәм әҳмийетин инабатқа алып ҳәм Мырза Улығбек илимий-ағартыўшылық мийрасын мәмлекетимиз ҳәм халықаралық көлемде және де терең үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў мақсетинде:

  1. Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Илимлер академиясы, Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университети, Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм кең жәмийетшиликтиң 2024-жылы Самарқанд қаласында Мырза Улығбек туўылған күниниң 630 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. Мырза Улығбек туўылған күниниң 630 жыллығына бағышланған илажларға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша шөлкемлестириў комитети қосымшаға муўапық қурамда дүзилсин.
  3. Шөлкемлестириў комитети (А.Арипов):

а) бир ҳәпте мүддетте Мырза Улығбек туўылған күниниң 630 жыллығын белгилеў бойынша төмендегилерди нәзерде тутатуғын илажлар бағдарламасын жуўапкер орынлаўшыларды ҳәм қаржыландырыў дәреклерин белгилеген ҳалда тастыйықласын:

мәмлекетимиздеги Мырза Улығбек аты менен байланыслы объектлерди, соның менен бирге, Мырза Улығбек ҳүрметине қуралған естелик комплекслерин қурамалы оңлап ҳәм олардың аймақларын абаданластырыў;

ойшылдың илимий-дөретиўшилик мийрасына байланыслы қолжазба ҳәм басқа мәдений байлықларды реставрациялаў, оларды исенимли сақлаў ушын зәрүр шараят жаратыў;

Мырза Улығбек туўылған күниниң 630 жыллығына бағышланған «Дүнья прогресиниң раўажланыўында Мырза Улығбек илимий-ағартыўшылық мийрасының орны ҳәм әҳмийети» темасында илимий-әдебий илажлар өткериў;

мәмлекетлик театрлар ҳәм студентлердиң театр-студияларында Мырза Улығбектиң өмири ҳәм жумысына байланыслы спектакьллерди сахналастырыў;

Мырза Улығбектиң бай мийрасын үйрениў мақсетинде халықаралық көлемде кең көлемли илимий изертлеўлер алып барыў ҳәм олардың нәтийжелерин жәриялаў, усы темада илимий, көркем-публицистикалық дөретпелер жаратыў, сырт ел изертлеўшилериниң дөретпелерин өзбек тилинде басып шығарыў;

Мырза Улығбектиң тулғасы түсирилген, оның шахсы, мәмлекетлик ғайраткер сыпатындағы жумысы ҳәм ойшылдың илимий-ағартыўшылық мийрасына бағышланған көргизбели мәлимлеме қуралларын таярлаў, медиа өнимлери ҳәм аудиовизуал дөретпелер жаратыў, оларды жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендириў, интернет ҳәм социаллық тармақларға жайластырыў;

Өзбекстан Республикасының сырт мәмлекетлердеги елшиханалары, өзбек миллий мәдений орайлары, ўатанласлар жәмийетлеринде Мырза Улығбектиң мәмлекетлик ғайраткер сыпатындағы жумысы ҳәм илимий-ағартыўшылық мийрасы, оның адамгершилик идеяларын кеңнен үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў мақсетинде илимий әнжуманлар ҳәм дөгерек сәўбетлерин шөлкемлестириў;

б) Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Илимлер академиясы, Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен Самарқанд қаласында 2024-жылы 10-11-октябрь күнлери «Мырза Улығбек: уллы эциклопедият алым ҳәм белгили мәмлекетлик ғайраткер» темасындағы халықаралық конференция өткерилиўин шөлкемлестирсин. Онда халықаралық конференцияны өткериўге байланыслы қәрежетлер Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен теңдей үлесте қапланады.

  1. Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги:

Мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте Мырза Улығбектиң өмири ҳәм илимий-ағартыўшылық мийрасын изертлеўге байланыслы илимий-изертлеў жумыслары бойынша мәмлекетлик буйыртпа талапларына муўапық илимий жойбарлар таңлаўын жәрияласын;

Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университети тәрепинен ойшылдың «Зижи жадиди Кўрагоний» дөретпесин өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде, «Төрт улыс тарийхы» атамасындағы тарийхый дөретпениң өзбек тилине аўдармасы қайта баспадан шығарылыўын шөлкемлестирсин;

Мырза Улығбектиң өмири ҳәм илимий-ағартыўшылық мийрасын үйрениўге бағышланған ең жақсы илимий мақалалар таңлаўын өткерсин.

  1. Илимлер академиясы 2024-жыл октябрь айында:

Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги менен биргеликте билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў шөлкемлеринде Мырза Улығбек дөретпелери басылымының презентацияларын өткерсин;

Әбу Райхан Беруний атындағы Шығыстаныў институтында Мырза Улығбек дәўирине тийисли дөретпелер қолжазбаларының көргизбесин шөлкемлестирсин;

Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан миллий медиа бирлеспеси ҳәм Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги менен биргеликте Мырза Улығбек ҳаққында жаратылған “Аспан әлемине қойылған нәрўан” атамасындағы ҳүжжетли фильм презентациясын шөлкемлестирсин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Илимлер академиясы, Мәденият министрлиги, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Жаслар ислери агентлиги ҳәм басқа министрлик, уйым ҳәм шөлкемлер Мырза Улығбектиң өмири, оның мәмлекетлик ғайраткер сыпатындағы жумысы ҳәм дүнья илими ҳәм мәдениятының раўажланыўына қосқан үлесин халық, әсиресе, жаслар арасында, сондай-ақ, билимлендириў шөлкемлери ҳәм мийнет топарларында кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылған илажларды шөлкемлестириў илажларын көрсин.
  2. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан миллий медиа бирлеспеси ҳәм басқа ғалаба хабар қуралларына Мырза Улығбек туўылған күниниң 630 жыллығын белгилеў менен байланыслы илажларды кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
  3. Усы қарарда нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў тийисли министрлик, уйым ҳәм шөлкемлерге ажыратылған бюджет қаржылары, олардың бюджеттен тысқары қаржылары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа дәреклер есабынан әмелге асырылыўы белгиленсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Арипов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Социаллық раўажланыў департаменти басшысы О.Қ.Абдурахмановқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы 

Президенти    Ш.МИРЗИЁЕВ

 

Ташкент қаласы,

2024-жыл 12-сентябрь