Пәрман ҳәм шолыў

Табыслы бизнес ийелери, дүньяға белгили брендлердиң жаратылыў тарийхы ҳаққында қызықлы мағлыўматлар жүдә көп. Олардың арасында кимнендур алынған арзымаған қаржы есабынан аяққа турып, халықаралық дәрежеде жоқары орынға жеткени талайғана. Бизнесте сондай – зәрүр ўақытта алынған киши жәрдем үлкен нәтийжелерге тийкар болады.

Турмыслық мысал. Мәҳәлледе жақында иске қосылған үлкен азық-аўқат дүканының жумысы жүрисе бермеди. Сатыўда барлық зәрүр затлар бар, бирақ саўданың көлеми төмен. Тийкарында басында сондай болатуғыны тәбийғый, адамлардың жаңа мәнзилге үйрениўи бираз қыйын болды. Сапа зор, баҳа басқаларға қарағанда арзан болса ҳәммеси режедегидей болады. Оның ушын азырақ ўақыт керек, ўақыт болса ақша.

Келтирилип атырған бул жағдайда бир шынжырлы мәселе бар. Яғный, сатыўға өним жеткерип берип атырған кәрхана басшысы дүкан ийесинен имканият барынша тезирек ақша алыўды қәлейди. Алынған қаржы ислеп шығарыўшының және де нәтийжели жумыс алып барыўында әҳмийетли. Еле жумыс баслағанына көп болмаған исбилермен болса саўда көлемин арттырмай айтылған сумманы келисилген мүддетте жеткерип бере алмайды. Оған усы арзымаған мүддет – бир айдың аржақ-бержағы ушын материаллық жәрдем бере алатуғын шөлкем керек. Шөлкем сондай болыўы керек, инвестиция ажыратыў процесинде артықша ҳүжжетлер сорамасын. Көрсетип атырған қаржылай жәрдем ушын үлкен процентте мийнет ҳақы алмасын. Енди мәмлекетимизде мине, усындай, имканиятты бериўши факторинг хызмети раўажланады.

Жоқарыдағы процессти бийкарғы толық келтирмедик. Себеби бул шолыў усыған жақын машқалаға ушырасып атырған исбилерменлерге пайдалы болады.

Өзбекстан Республикасы Президенти 2024-жыл 12-августта «Факторинг хызметлери базарын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына қол қойды.

Қәнигелер факторингти келешекте исленетуғын дәраматты пулға алмастырыў деп айтады.

Сөзимиз басындағы мысалды жуўмағына жеткеремиз. Дүканды енди ашқан сол исбилерменде еле кредит алыўға арзыйтуғын «тарийх» жоқ. Гиреўге қоятуғын мүлкке де ийе емес. Бир қарағанда банклер ушын исенимсиз субъект. Бирақ өним жеткерип бериўши – ислеп шығарыўшы үлкен қаржы айланысына ийе. Оның жумысы мақтайтуғындай, экономикалық жақтан беккем. Бул еки исбилермен арасында факторинг хызмети – банк, микроқаржы шөлкеми ямаса факторинг шөлкеми түседи.

Бул қандай болады! Мысал ушын факторинг хызметин көрсетиўши товар жеткерип бериўшиге бир-еки күнде белгиленген сумманы төлеп береди. Белгили мүддет, айтайық товарлар сатып болынғанынан соң дүканлардан қаржыны өндирип алады. Бул үш тәреплеме келисим қысқа мүддет ушын мөлшерленгени, хызмет көрсетиў ҳақының аз процентлилиги ҳәм процесстиң тез әмелге асырылыўы менен ҳәммеге пайдалы болып есапланады. Анығырағы, дүкан ийеси товарға ийе болады, жеткерип бериўши болса өз пулын тезирек қолға киргизеди, факторинг компаниясы болса белгиленген комиссиясын алады.

Әдетте кредит бериў терең таллаўды талап етеди. Онда исбилерменниң қаржы жағдайы ҳәм гиреў имканиятлары үйрениледи, нотариал ҳәм қамсызландырыў хызметлери ушын қәрежетлер жумсалады. Бир сөз бенен айтқанда, өзине тән ҳүжжет жыйнаў басқышына ийе екенлиги менен факторингтен өзгешеленеди. Бул қаржы узақ мүддетли ири жойбарларға ажыратылмай атырғаны ушын қағазпазлығы аз. Қысқа мүддет ушын аз процентлер есабынан рәсмийлестириледи.

Президент пәрманына бола, факторинг шөлкемлери банк емес кредит шөлкеми сыпатында Орайлық банкте дизимнен өткеннен кейин усы жумыс пенен шуғылланады. Ендиги жылдың 1-январынан кредит шөлкемлерине факторинг шәртнамалары бойынша сатып алынған ақша талапнамаларын қайта сатыў имканияты бериледи.

Сондай-ақ, қарыйдардың контрагенти резидент емес болғанда, факторинг операцияларын сырт ел валютасында әмелге асырыўға руқсат етиледи.

– Бул ҳүжжетти таярлаў процесинде Қытай, Түркия ҳәм Мексика сыяқлы мәмлекетлер тәжирийбеси үйренилди,-дейди Орайлық банк департаменти директоры Санжар Носиров. – Бир қанша халықаралық стандартлар көрип шығылды. Рисклерди басқарыў, хызметти кеңейтиў мәселелери талланды. Бул хызмет ғалаба ен жайса қарарлар тез қабыл етилип, қаржылардан үнемли пайдаланылады. Келешекте факторинг хызметлерин көрсетиў санластырылады. Бундай хызметлер ушын электрон платформа енгизиледи. Ол бир қатар имканиятларға ийе болады. Тийисли ҳүжжетлердиң ҳақыйқый екенлигин тексериў, сондай-ақ, қарыздарлар ҳаққындағы мағлыўматларды оператив жыйнаў процеси автоматластырылады. Зәрүр министрлик, уйым ҳәм шөлкемлер ресурсларының интеграцияланыўы жумыстың оперативлигин арттырыўда әҳмийетли фактор болады. Буннан тысқары, тараўға хызмет ететуғын басқа да платформалар ислеп шығылыўы мүмкин. Режелер үлкен, 2026-жылдың ақырына шекем мәмлекетлик үлеси бар банклер тәрепинен көрсетилген факторинг хызметлериниң үлесин жәми қаржыландырыў көлеминде үш процентке жеткериў режелестирилмекте.

Халқымыз экономика, ақша ҳәм исбилерменлик темасында әзелден илимли. Бирақ заман бул бағдарда және де жедел болыўды талап етпекте. Жақын келешекте факторинг хызметлериниң кеңейиўи коммерциялық банклер менен саламат бәсеки орталығын жүзеге шығарады. Бул процесс болса мәмлекетте исбилерменликтиң және де раўажланыўына хызмет етеди.

Икром АВВАЛБОЕВ,
ӨзАның хабаршысы