Хийўа қаласында Орайлық Азия мәмлекетлериниң екинши парламентлераралық форумы өз жумысын даўам етпекте.

Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Өзбекстан парламентлери басшылары ҳәм делегациялары, соның менен бир қатарда, жаслар парламенти ҳәм топарлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларының ўәкиллери, журналистлер қатнасып атырған илажда Өзбекстан Сенаты Баслығы Танзила Норбоева шығып сөйледи.

Сенат Баслығы Орайлық Азиядағы мәмлекетлер басшыларының жоқары дәрежеде ерисип атырған келисимлерин нәтийжели әмелге асырыў, бирге ислесиў форматларын және де раўажландырыўда парламентлер арасындағы өз-ара байланыслар үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

– Бул форум өз мәнисине бола, регион мәмлекетлериниң ҳәр тәреплеме бирге ислесиўин кеңейтиўге болған умтылысты өзинде сәўлелендиреди, – деди Т.Норбоева. – Исенимимиз кәмил, бүгин регионның барлық мәмлекетлери өзиниң келешектеги раўажланыўын тиккелей Орайлық Азияның турақлылығы ҳәм абаданлығына тығыз байланыслы ҳалда көреди. Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев мәмлекетте кең көлемли реформаларды баслағанда, сыртқы сиясатымыздың әҳмийетли бағдары сыпатында Орайлық Азия регионын белгиледи. Ҳәм ҳәр жылы 5 мәмлекеттиң биринде дәстүрий мәмлекетлер басшыларының саммитин (Мәсләҳәт кеңеси) өткерип барыў басламасын алға қойды. Барлық Президентлер тәрепинен қоллап-қуўатланған ҳәм жолға қойылған бул әҳмийетли бирге ислесиў форматы региондағы турақлы қарым-қатнас майданы, өз-ара әҳмийетли мәселелерди додалаў ҳәм шешиўдиң нәтийжели механизмине айланды.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы ҳәм сиясий ерк-ықрары нәтийжесинде қысқа мүддетлерде регионда жедел интеграция процесслерине старт берилди. Дәслепки басқышта бул формат мақсети регионда жыйналып қалған машқалалар – шегара, транспорт, суў ресурслары, саўда тараўларында бир қатар қарама-қарсылықларды сапластырыўдан ибарат болған болса, бүгин региондағы өз-ара бирге ислесиў ҳәм раўажланыў процесслерине түртки беретуғын, ҳәрекетлендириўши факторға айланды десек, қәте болмайды.

Өзбекстанның басламасы себепли регионның барлық мәмлекетлери менен шегаралас саўда зоналарын шөлкемлестириў жумыслары басланды. Ҳәзирги ўақытта Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан менен бундай аймақларды қәлиплестириў механизми жолға қойылған.

Тек ғана Өзбекстанның қоңсы мәмлекетлер менен өз-ара саўда айланысы кейинги 7 жылда дерлик 3 еседен артты (2017-жылдағы 2,7 миллиард доллардан 2023-жылы 7,2 миллиард долларға шекем).

Улыўмалық өзгерислер арасында суў, суў-энергетика ҳәм экология мәселелери менен байланыслы бағдарда да көплеген унамлы нәтийжелер бақланбақта.

Норгул Абдураимова, ӨзА