Ташкент және бир абырайлы илаж – ШБШның Регионаллық контртеррор структурасы (РАТС) Х халықаралық илимий-әмелий конференциясы ҳәм ҒМДАның терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў бойынша екинши конференция қатнасыўшыларын қабылламақта.

Конференцияның ашылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң әнжуман қатнасыўшыларына мүрәжаты оқып еситтирилди.

Мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, бул әҳмийетли халықаралық форумның ШБШ, ҒМДА сыяқлы абырайлы регионаллық структуралар менен биргеликте шөлкемлестирилиўи кеңнен регионымызда тынышлық, қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў жумысында әмелий бирге ислесиўди раўажландырыўға болған улыўмалық умтылысты және бир мәрте көрсетеди.

«Шығыс-Контртеррор-2024» биргеликтеги контртеррор шынығыўлары әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўге ҳәм қәўипсизлик қәўип-қәтерлерине қарсы гүресте арнаўлы бөлимлер потенциалын арттырыўға хызмет етеди.

Буннан тысқары, мүрәжатта атап өтилиўинше, геосияий кескинлик ҳәм келиспеўшиликлердиң күшейиўи, қәўипсизлик бойынша глобал институтлар ролиниң төменлеўи терроризм ҳәм экстремизм қәўип-қәтерлерине қарсы гүресте ашық ҳәм нәтийжели халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға унамсыз тәсир етпекте.

Мәмлекетимиз басшысы нормативлик-ҳуқықый базаны және де жетилистириў, ШБШ, РАТС ҳәм ҒМДАның Контртеррор орайының жумысы шеңберинде бундай қәўип-қәтерлердиң алдын алыў ҳәм оларға жедел жуўап қайтарыўда халықаралық бирге ислесиў нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған биргеликтеги әмелий илажларды әмелге асырыўды әҳмийетли ўазыйпалар сыпатында белгилеп берди.

ӨзА