Адамгершиликтиң жоқары үлгиси

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ең әзиз улыўма миллий байрамымыз – Ўатанымыз ғәрезсизлиги жәрияланғанының отыз үш жыллығын белгилеў алдында мәмлекетимиз тәрепинен алып барылып атырған гуманистлик сиясаттың әмелий тастыйығы сыпатында «Жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли өткен бир топар пуқараларды әпиў етиў ҳаққында»ғы Пәрманға қол қойды.

Пәрманға муўапық, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 109-статьясы 23-бәнтине тийкарланып жаза мүддетин өтеп атырған ҳәм қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли өткен 522 пуқара әпиў етилди.

Әпиў етилген шахслардың 159ы тийкарғы жазадан азат етилди, 303и жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли азат етилди, 60ының еркинен айырыў жазасы жеңилирек жаза менен алмастырылды.

Әпиў етилгенлердиң 19 ын сырт ел пуқаралары, 56сын ҳаял-қызлар, 25ин 60 жастан өткен ер адам, 233ин жаслар (соннан, 1еўи жас өспирим) ҳәм 27син қадаған етилген шөлкемлердиң жумысында қатнасқан пуқаралар қурайды.

Пәрманның орынланыўы бойынша әпиў етилген шасхларды шаңарағы ҳәм жақынларының қушағына қайтарыў, жәмийетлик турмысқа бейимлесип, пайдалы мийнет пенен шуғылланыўы, саламат турмыс тәризин жолға қойып, жәмийетте мүнәсип орын табыўы ушын оларға жәрдем бериў бойынша жуўапкер министрлик ҳәм уйымларға тийисли тапсырмалар берилди.

ӨзА