Самарқандта «Шарқ тароналари» он биринши халықаралық музыка фестивалы басланды. Регистан майданындағы тийкарғы сахнада қатнасыўшылар өз бағдарламаларын таныстырыўға киристи.
Фестивальдың басқа да қатнасыўшылары Самарқанд қаласындағы «Суғдиёна», «Ёшлик» дем алыў бағларында, Самарқанд педагогикалық колледжинде, «Ниҳол» амфитеатрында самарқандлы көркем өнер хызметкерлери менен биргеликте концерт бағдарламаларын инам етти.
Атап айтқанда, «Ниҳол» амфитеатрында Италиядан, Ҳиндстаннан, Ираннан, Вьетнамнан келген дөретиўшилик топарлар ҳәм елимиздиң ўәкиллери тәрепинен миллий нама-қосықлар атқарылды.
– «Шарқ тароналари» дүнья халықларының миллий музыка көркем өнерин үйрениўге ҳәм үгит-нәсиятлаўға қаратылған, – дейди Италияның «Нантиша» топарының ағзасы Аннализа Мессино. – Биз усы фестивальға Неаполдың өзине тән диалектинде атқарылатуғын ески қосықты таярлап келгенбиз. Бүгин таңлаўдан тысқары бағдарламадағы атқарыўшылығымыз тамашагөйлерге унағанынан қуўанышлымыз. Улыўма, дәслепки күннен-ақ өзбек халқының көркем өнерди шын жүректен сүйетуғыны ҳәм жоқары қәдирлейтуғыны, дөретиўшилерге айрықша ҳүрмет-итибар қарататуғыны әжайып тәсир қалдырмақта.
– Өзбекистанда Иран халқының нама-қосықларын сүйип тыңлайтуғынын жақсы билемиз, – дейди Иранның «Нақш» топарының қосықшысы Аскари Мугтабо. – Миллий саз әсбапларымыздың намасы оларға жүдә унайды. Сонлықтан фестивальда камонча, тамбак, қонун сыяқлы сазларда атқарылатуғын халық қосықларын атқармақшымыз. Ҳәзир ғана Саъдий Шерозий ғәзеллери менен айтқан қосықларымыздың тамашагөйлерге унағаны бизиң кеўлимизди көтерди. Дерлик, бир ҳәпте даўамында бул жерде өзимиздиң ең жақсы шығармаларымызды атқарып, халқыңыздың байрамға тән кейпиятын және де көтериўге ҳәрекет етемиз. Пурсаттан пайдаланып, Өзбекистан халқын жақынласып киятырған ғәрезсизлик байрамы менен қутлықлаймыз.
Самарқанд қаласындағы Фароғат, Саид Ризо Ализода атындағы ҳәм басқа да мәҳәллелердиң халқы тынышлық және дослық ҳәр қыйлы тиллерде жырланған қосықларды тыңлап, аяқ ойынға түсти.
– «Шарқ тароналари» фестивалы қатнасыўшыларының қаламыздағы мәденият ҳәм дем алыў бағларында, амфитеатрларда да өз бағдарламасын инам етиўи әжайып илаж болмақта, – дейди Янгиқўрғон мәҳәллесинде жасаўшы Шоира Эгамбердиева. – Кешки пайытта шаңарақ ағзаларымыз бенен келип, кеўилли дем алып атырмыз. Нама-қосықтың, көркем өнердиң тил ҳәм миллет таңламайтуғынына және бир мәрте исеним пайда етип турмыз.
Ғолиб ҲАСАНОВ, ӨзАның хабаршысы