Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы

Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясы, «Өзбекстан- 2030» стратегиясы ҳәм 2021-2025-жыллары пуқаралық жәмийетин раўажландырыў концепциясының орынланыўын тәмийинлеў, пуқаралық жәмийети институтларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың ашық-айдын ҳәм саламат бәсеки принципине тийкарланған системасын, сондай-ақ, социаллық пайдалы бағдарламалардың нәтийжелилигин арттырыў ушын қосымша шараятлар жаратыў мақсетинде:

  1. Төмендегилер пуқаралық жәмийети институтларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыста пуқаралық жәмийети институтларының белсендилигин және де арттырыў ҳәм социаллық-экономикалық, мәдений-ағартыўшылық ҳәм гуманитарлық тараўларды раўажландырыўда олардың потенциалынан толық пайдаланыў;

жәмийет мәплери ҳәм халықтың ҳақыйқый талапларын гөзлеген, орынларда сақланып қалып атырған әҳмийетли машқалаларды шешиўге қаратылған басламаларды әмелге асырыўға жәрдемлесиў;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм пуқаралық жәмийети институтлары арасында өз-ара пайдалы социаллық шерикликти және де раўажландырыў;

пуқаралық жәмийети институтлары тәрепинен мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик  турмыстың барлық тараўларын раўажланыдырыўға жәрдемлесиў жолында тәсиршең жәмийетлик қадағалаў алып барылыўын хошаметлеў;

пуқаралық жәмийети институтларының сырт елдеги ўатанласлар менен байланысларын жолға қойыў ҳәм олардың сырт елдеги ассоциациялары менен бирге ислесиўин беккемлеў;

пуқаралық жәмийети институтларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм оларға өз жумысын әмелге асырыўы ушын қолайлы шөлкемлестириўҳуқықый шараятлар жаратыў.

  1. Олий Мажлис палаталары, Олий Мажлис жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды қаржыларын басқарыў бойынша парламент комиссиясы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслери (кейинги орынларда – жергиликли Кеңеслер) ҳәм олардың жанындағы социаллық шериклик бойынша жәмийетлик комиссияларының төмендеги басламалары қоллап-қуўатлансын:

Олий Мажлис, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм жергиликли Кеңеслер жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондларын қосып жибериў ҳәм олардың тийкарында Олий Мажлис жанындағы Пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды (кейинги орынларда – Фонд) ҳәм оның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы өз алдына бөлимлерин (кейинги орынларда – өз алдына бөлимлер) шөлкемлестириў;

Фонд қаржыларын басқарыў бойынша Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлары ҳәм Сенаты ағзаларынан ибарат болған парламент палаталары ўәкиллери ҳәр жылы гезекпе-гезек басшылық ететуғын Парламент комиссиясын (кейинги орынларда – Парламент комиссиясы) дүзиў, оның жумысына мәпдар министрлик ҳәм уйымлар ҳәм белсенди жәмийетшилик ўәкиллерин тартыў;

пуқаралық жәмийети институтлары ўәкиллерин ҳәм интакер пуқараларды «Пуқаралық жәмийетин раўажланыдырыўға қосқан үлеси ушын» көкирек белгиси менен сыйлықлаў ўәкиллигин Парламент комиссиясына өткериў;

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм жергиликли Кеңеслер жанында олардың ўәкиллигине киретуғын ўазыйпаларды нәтийжели әмелге асырыўға жәрдемлесетуғын пуқаралық жәмийети институтлары ўәкиллеринен ибарат болған мәсләҳәт топарларының жумысын жәмийетшилик тийкарында жолға қойыў.

  1. Мағлыўмат ушын қабыл етилсин:

Фонд жәми 45, соның менен бир қатарда, артқарыўшы аппарат – 17, өз алдына бөлимлер – 28 штат бирлигинен ибарат болады;

Фондтың атқарыўшы аппараты жумысын сақлаў, хызметкерлердиң мийнетине ҳақы төлеў қәрежетлери Өзбекстан Республикасының республикалық бюджети, өз алдына бөлимлериниң әне усындай қәрежетлерди тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық жергиликли бюджетлери есабынан қапланады.

Фондтың жумысын шөлкемлестириў тәртиби ҳәм оның хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў ҳәм шәртлери Олий Мажлис палаталары тәрепинен белгиленеди.

  1. Олий Мажлис палаталарына еки ай мүддетте пуқаралық жәмийети институтларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириў мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының «Социаллық шериклик ҳаққында»ғы нызамы ҳәм басқа нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымашалар киргизиў ҳәм өз қарарларын қайта көрип шығыў усыныс етилсин.
  2. 2024-жыл 1-октябрьден 2027-жыл 1-октябрьге шекем Фонд қаржылары есабынан әмелге асырылатуғын мәмлекетлик грантлар ҳәм мәмлекетлик социаллық буйыртпалар жойбарлары шеңберинде төленетуғын төмендеги салық түрлери бойынша белгиленген салық ставкалары 50 процентке азайтылсын:

жойбарға мийнет ҳәм пуқаралық-ҳуқықый шәртнамалары тийкарында тартылған қәнигелердиң мийнетине ҳақы төлеў тәризинде алған дәраматларынан төленетуғын физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы;

мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары тәрепинен мийнетке ҳақы төлеўге байланыслы қәрежетлери бойынша төленетуғын социаллық салық.

  1. Экономика ҳәм қаржы министрлиги ҳәм Әдиллик министрлигиниң төмендеги усынысларына келисим берилсин:

«Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри»не киргизилген шаңарақ ағзаларына қәўендерлик шөлкемлери тәрепинен салық дәўири даўамында тиккелей берилетуғын пул қаржылары тәризинде қәўендерлик шөлкемлериниң салық салынбайтуғын муғдарын он бес миллион сумнан базалық есаплаў муғдарының жүз есесине шекем арттырыў;

2025-жыл 1-январьдан баслап майыплығы болған шахслар, ветеранлар, ҳаял-қызлар ҳәм балалар жәмийетлик бирлнспелерин мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын белгиленген мәмлекетлик бажылардың муғдарын еки есеге азайтылған ҳалда өндириў.

Әдиллик министрлиги Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасының Салық кодекси ҳәм «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы нызамына усы бәнттен келип шығатуғын өзгерис ҳәм қосымашалар ҳаққындағы нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

бир календарь жылында банк есапбетлеринде ақша айланысы болмаған жәмийетлик фондлар ушын бул календарь жылында өз жумысын аудиторлық тексериўден өткериў ықтыяры тәртибинде әмелге асырылады;

ҳәр жылы министрлик ҳәм уйымлар пуқаралық жәмийети институтларына бюджеттен тысқары қаржылар есабынан социаллық буйыртпа бериў бойынша таңлаўлар шөлкемлестиреди. Онда таңлаўлар әҳмийетли түрде инсан ҳуқықларын қорғаў, коррупцияға маўасасыз орталықты қәлиплестириў ҳәм билимлендириў, медицина, экология, қурылыс, транспорт, коммуналлық хожалық, бәнтлик, социаллық хызметлер көрсетиў ҳәм басқа тараўлардың ең әҳмийетли машқалалары шешимине қаратылады;

ҳәр жылы кеминде еки мәрте министрликлер, уйымлар, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери тәрепинен тараўлық ҳәм аймақлық пуқаралық жәмийети институтлары ўәкиллери менен ашық сөйлесиў өткериледи;

пуқаралық жәмийети институтларына тийисли тараў ҳәм тармақларда бар машқалалардың тәсиршең шешимин нәзерде тутатуғын басламалы жойбарларды әмелге асырыў ушын мәмлекетлик социаллық буйыртпасын алыў ҳаққында мәпдар мәмлекетлик уйымға усыныс киргизиў ҳуқықы бериледи. Онда басламалы жойбар белгиленген тәртипке муўапық мәмлекетлик уйым жанындағы жәмийетлик кеңес тәрепинен унамлы баҳаланған жағдайда, оның басламашысына мәмлекетлик уйымның бюджеттен тысқары қаржылары есабынан базалық есаплаў муғдарының мың есесине шекемги муғдарда тиккелей шәртнама дүзиў жолы менен социаллық буйыртпа берилиўи мүмкин.

  1. Мәмлекетлик уйымлар жанындағы жәмийетлик кеңеслер (кейинги орынларда – жәмийетлик кеңеслердиң) баслықлары пуқаралық жәмийети институтлары ўәкиллери арасынан тастыйықланатуғыны;

ҳәр жылы жәмийетлик кеңеслердиң жумыс нәтийжелилиги баҳаланатуғын ҳәм оның нәтийжелери жәрияланатуғыны белгилеп қойылсын;

жәмийетлик кеңеслердиң белсенди ағзалары мәмлекетлик уйымның бюджеттен тысқары қаржылары есабынан материаллық хошаметленип барылады.

“Юксалиш” ҳәрекетине ҳәр жылы жәмийетлик кеңеслердиң жумыс нәтийжелилигин баҳалаў ҳәм оның нәтийжелерин өзиниң рәсмий веб-сайты ҳәм социаллық тармақларда жәриялап барыў усыныс етилсин.

  1. Мәмлекетлик уйым ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:

еки ай мүддетте өзлериниң жанындағы жәмийетлик кеңеслердиң жумысын нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте ҳәм усы пәрманның 8-бәнтинде нәзерде тутыған талаплар тийкарында қайта шөлкемлестирсин;

“Юксалиш” ҳәрекетине оның сораўына тийкарланып жәмийетшилик жумысына байланыслы мағлыўматларды берип барыўын тәмийинлесин.

  1. Әдиллик министрлиги үш ай мүддетте Өзбекстан Республикасының «Жәмийетлик қадағалаў ҳаққында»ғы нызамын жәмийетлик қадағалаў механизмлерин және де кеңейтиў көзқарасынан жетилистириў бойынша нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин. Онда төмендегилер нәзерде тутылсын:

жәмийетлик қадағалаўдың алдынғы сырт ел тәжирийбесине тийкарланған тәсиршең түрлери;

жәмийетлик қадағалаўдың ҳәр бир түрин әмелге асырыў механизми ҳәм тәртип-қағыйдалары;

жәмийетлик қадағалаўдың нәтийжелерине бола жуўмақлаўшы ҳүжжетлерди рәсмийлестириў, жәмийетлик қадағалаў объектине киргизиў ҳәм оларды көрип шығыўдың анық тәртиби ҳәм мүддетлери;

мәмлекетлик уйым жанындағы жәмийетлик кеңеслердиң жумысын тәртипке салыў.

  1. Олий Мажлис палаталары, Әдиллик министрлиги, Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы, “Юксалиш” ҳәрекети, “Тараққиёт стратегияси” орайы, Демократиялық процесслерди таллаў орайы, Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери миллий ассоциациясы ҳәм Өзбекстан Журналистлери аўқамының;

ҳәр жылы декабрь айының биринши ҳәптесинде «Пуқаралық жәмийети ҳәптегилиги»н өткерип барыў, оның шеңберинде Олий Мажлис, Әдиллик министрлигинде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери менен ушырасыў ҳәм сөйлесиў өткериў, пуқаралық жәмийети институтларын хошаметлеў бойынша илажлар шөлкемлестириў, соның менен бир қатарда, «Пуқаралық жәмийетин раўажландырыўға қосқан үлеси ушын» көкирек белгиси менен сыйлықлаў;

ҳәр еки жылда Фонд тәрепинен сыйлықланған «Пуқаралық басламасы» миллий сыйлығын шөлкемлестириў;

журналистлер арасында ҳәр жылы дәстүрий өткерилип киятырған «Алтын қәлем» миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўда пуқаралық жәмийети институтлары жумысын сәўлелендириў бағдарында номинация шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары муқуллансын.

Әдиллик министрлиги бир ай мүддетте «Пуқаралық басламасы» миллий сыйлығы менен сыйлықлаў тәртиби ҳаққындағы реже жойбарын ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин.

Усы бәнттиң екинши ҳәм үшинши хатбасыларында нәзерде тутылған илажларды өткериў менен байланыслы қәрежетлер Фондқа ажыратылатуғын қаржылар, қәўендерлик шөлкемлери ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа дәреклер есабынан қапланатуғыны белгиленсин.

  1. Олий Мажлис Нызамшылың палатасы ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери миллий ассоциациясы ағзаларының усы ассоциация баслығына Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм оның комитетилери (комиссиялар) мәжилислеринде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкили сыпатында қатнасыў ҳуқықын бериў ҳаққындағы усыныс қоллап-қуўатлансын.

Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкили социаллық шериклик ҳәм жәмийетлик қадағалаўдың тәсиршең механизмлерин енгизиў, оларды әмелиятқа дурыс қолланыў бойынша усыныслар киргизиўи ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳуқық ҳәм мәплерин көрсететуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. Әдиллик министрлиги мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте ҳәр жылы социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларын әмелге асырыўда пуқаралық жәмийети институтларын социаллық шериклик тийкарында тартыў бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. Санлы технологиялар министрлиги Фонд пенен биргеликте 2024-жыл 1-октябрьден баслап пуқаралық жәмийети институтларына мәмлекетлик субсидиялар, грантлар ҳәм социаллық буйыртпалар ажыратыўға байланыслы барлық процесслердиң ашық-айдынлығын тәмийинлеўге қаратылған төмендеги тийкарғы имканиятларды нәзерде тутатуғын бирден-бир электрон платформаны иске қоссын;

пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм кең жәмийетшилик тәрепинен таңлаўлар бағдарларын қәлиплестириў ҳәм оларды додалаўда тиккелей қатнасыў;

таңлаўларда қатнасыў ушын жойбарларды тапсырыў ҳәм мәмлекетлик субсидияны алыў ушын буйыртпаларды жибериў, оларды көрип шығыў ҳәм баҳалаў процесслерин бақлап барыў;

таңлаў қатнасыўшыларынан талап етилетуғын ҳүжжетлерди электрон платформаны мәмлекетлик уйымлардың мағлаўматлар базаларына интеграциялаў арқалы онлайн алыў.

  1. Әдиллик министрлиги Пуқаралық жәмийетин раўажландырыў орайының Сапластырыў комиссиясы менен биргеликте Пуқаралық жәмийетин раўажландырыў орайының мүлки усы тараўда жумыс алып барып атырған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң талаплары ушын бағдарланыўы тәмийинленсин.
  2. Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери ҳәр жылы Парламент комиссиясының тийкарландырылған есап-санақларына бола пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў менен байланыслы қәрежетлерин Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутылсын.
  3. Әдиллик министрлиги мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы пәрманнан келип шығатуғын өзгерис ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип әдиллик министри А.Д.Ташкулов белгиленсин.

Пәрманның орынланыўын қадағалаў ҳәм жуўапкер орынлаўшылардың жумысын муўапықластырыў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.Қ.Давлетовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2024-жыл 26-август

* * *

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Пуқаралық жәмийети институтларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына

Түсиник

Соңғы жыллары мәмлекетимизде еркин ҳәм күшли пуқаралық жәмийетин қәлиплестириў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылды, атап айтқанда, олардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда белсене қатнасыўы ушын зәрүр шөлкемлестириў-ҳуқықый шараятлар жаратылды, мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў механизмлери жетилистирилди.

Бириншиден, жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасының Конституциясына пуқаралық жәмийети институтларына бағышланған өз алдына бап киргизилди, олар конституциялық институт сыпатында тән алынды.

«Өзбекстан-2030» стратегиясында да халық хызметиндеги мәмлекетлик басқарыўды шөлкемлестириў ҳәм жәмийетлик басқарыўды жетилистириў бойынша реформалар өз алдына бағдар сыпатында белгиленген.

Өзбекстан тарийхында биринши мәрте 2021-2025-жыллары пуқаралық жәмийетин раўажландырыў концепциясы қабыл етилди.

Екиншиден, пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаўдың демократиялық, институционаллық системасы жаратылған. Атап айтқанда, Парламент ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслери жанында жәмийетлик фондлар дүзилген.

Атап айтқанда, пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў ушын Мәмлекетлик бюджеттен соңғы жети жылда 718 миллиард сум ажыратылды (2008-2016-жылларға салыстырғанда 12 есеге көп).

Кейинги 3 жылда аймақлық фондлар арқалы 83 миллиард сумлық 1600 жойбар әмелге асырылды.

Үшиншиден, майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳәм мәплерин қорғаў, олардың социаллық қорғалыўын және де күшейтиў мақсетинде Майыплар жәмийети, Герең-гүңлер жәмийети, Көзи әззилер жәмийети, Майыплар ассоциациясы, олардың 500 ге шамалас система шөлкемлери толық мәмлекет қәўендерлигине алынды.

Төртиншиден, соңғы 7 жылда пуқаралық жәмийети институтларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажлары шеңберинде ҳәр бир аймақта «Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер үйлери» шөлкемлестирилди (350 МКШ бийпул жайластырылды).

Бесиншиден, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди дизимнен өткериў бажылары орташа еки есеге қысқартылды. Майыплығы болған шахслар, ветеранлар, нуранийлер, ҳаял-қызлар, балалар жәмийетлик бирлеспелериниң нышанларын мәмлекетлик дизимнен (қайта дизимнен) өткериў болса бажыдан толық азат етилди. Қайта дизимнен өтиў мүддети бир айдан 15 күнге қысқартылды.

Алтыншыдан, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер тәрепинен өз илажларын өткериўде әдиллик уйымының рухсатын алыў талабы бийкар етилип, олардың жумыс еркинлиги және де беккемленди.

Жетиншиден, сыртқы дәреклерден қаржы алыў процеси әпиўайыластырылды. Арнаўлы есап бетин ашыў талабы бийкар етилди.

Қаржы алыў бойынша мүрәжатлерди көрип шығыў мүддети 40 күннен 15 күнге қысқартылды. Буннан тысқары әдиллик уйымы менен келиспестен алынатуғын қаржы муғдары 5 есеге арттырылды. Нәтийжеде соңғы 7 жылда тартылған халықаралық грантлар 125 миллион доллардан артты.

Сегизиншиден, барлық мәмлекетлик хызметлер электрон тәризде көрестилмекте. Буның ушын өл алдына  e-ngo.uz порталы иске қосылды.

Тоғызыншыдан, пуқаралық жәмийети институтлары реформалардың ең жақсы бирге ислесиўшисине айланды, ҳәр жылы қабылланатуғын Мәмлекетлик бағдарламалардың 350 бәнтиниң орынланыўында мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер тиккелей қатнасты.

Бүгин жаратылған қолайлы шараятлар нәтийжесинде пуқаралардың ҳуқықын, демократиялық қәдириятларды қорғаў, билимлендириў, медицина, мәденият ҳәм басқа тараўларда шама менен 10 мың мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер еркин жумыс алып бармақта, оларда 70 мыңға шамалас инсанлар мийнет етпекте.

Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен қол қойылған пәрман жоқарыдағы реформалардың үзликсиз даўамы болып, пуқаралық жәмийети институтларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың ашық-айдын ҳәм саламат бәсеки принципине тийкарланған системасын, сондай-ақ, социаллық пайдалы бағдарламалардың нәтийжелилигин арттырыў ушын қосымша шараятлар жаратыўға қаратылған.

Пәрман менен пуқаралық жәмийетин қоллап-қуўатлаў бағдарындағы төмендеги жаңа реформалар нәзерде тутылмақта.

  1. 1. Мәмлекетимиз раўажланыўының бүгинги басқышында тараўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың пуқаралық жәмийети институтларының орнын арттырыўға хызмет ететуғын ең әҳмийетли алты бағдары белгилеп берилди.
  2. 2. Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен мәмлекетлик грантлар ҳәм социаллық буйыртпалар ушын мүнәсип жойбарларды сайлап алыў сапасын ҳәм ашық-айдынлығын арттырыў мақсетинде тараўдағы институционаллық өзгерислер қоллап-қуўатланды.

Атап айтқанда, Парламент жанында Пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды ҳәм оның аймақлық бөлимлери шөлкемлестирилип, социаллық жойбарлардың мәнзиллилиги тәмийинленеди, бюрократияға шек қойылады.

Бул фондты басқарыў бойынша Парламент комиссиясына гезекпе-гезек Сенат ҳәм Нызамшылық палатасы ўәкиллери басшылық етип барады. Бул болса фонды басқарыў нәтийжелилигин арттырады.

  1. 3. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслери жанында пуқаралық жәмийети институтлары ўәкиллеринен ибарат болған мәсләҳәт топарларының жумысы жолға қойылады.
  2. 4. «Социаллық шериклик ҳаққында»ғы нызам қабыл етилгенине 10 жыл болған болса да, министрлик ҳәм уйымлар өзлери жуўапкер болған тараўларға қәнигелескен мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер менен бирге ислесиўди және де беккемлеў талабы бар.

Соның ушын, ҳәр жылы мәмлекетлик уйымлар социаллық буйыртпа таңлаўларын ҳәм пуқаралық жәмийети институтлары ўәкиллери менен ашық сөйлесиў өткериўи белгилеп берилди.

Мәмлекетлик уйымларға пуқаралық жәмийети институтларының басламалы социаллық шериклик жойбарларын БЕМниң 1000 есесине шекем таңлаўларсыз қаржыландырыў ҳуқықы берилди.

  1. 5. Социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларының орынланыўына пуқаралық жәмийети институтларын социаллық шериклик тийкарында тартыўды системаластырыў мақсетке муўапық.

Бул бағдарда мәмлекетлик уйымлар ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының күшлерин бирлестириў мақсетинде ендигиден былай ҳәр жылы Министрлер Кабинети өз алдына бағдарлама қабыл етеди.

  1. 6. Пуқаралардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўдағы қатнасыўын кеңейтиў мақсетинде мәмлекетлик уйымлар жанындағы жәмийетлик кеңеслерге пуқаралық жәмийети институты ўәкили басшылық етиўи тәртибине өтилди.
  2. 7. Мәмлекетлик грантлар ҳәм социаллық буйыртпа жойбарларының социаллық әҳмийетке ийе екенлиги итибарға алынып, бундай жойбарлар шеңберинде дәрамат салығы ҳәм социаллық салық ставкалары 3 жыл мүддетке 50 процентке азайтылды. Үнемленген қаржылар жойбар мақсетине қаратылады ҳәм олардың нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.
  3. 8. Майыплығы болған шахслар, ветеранлар, ҳаял-қызлар ҳәм балалар шөлкемлерин дүзиўди және де жеңиллестириў ушын 2025-жыл 1-январьдан баслап усындай шөлкемлерди дизимнен өткериў ушын мәмлекетлик бажы 2 есеге азайтылды.
  4. 9. Ҳәзирги ўақытта салық салынбайтуғын қайырқомлық қаржыларының муғдары тек ғана 15 миллион сумды қурайды. Егер бундай қаржылар өз-өзинен қыйын жағдайдағы пуқараларға берилиўин инабатқа алсақ, бул қаржылардан артық бөлеги салыққа тартылыўы әдалаттан емес.

Соның ушын, қәўендерлик шөлкемлериниң социаллық қорғаўға мүтәж шахсларға қайырқомлық пулының салық салынбайтуғын муғдары БЕМниң 100 есесине шекем арттырылды.

  1. 10. Интакер ҳәм жедел пуқаралық жәмийети институтларын материаллық ҳәм руўхый хошаметлеў бойынша усыныслар мақулланды.

Атап айтқанда, ҳәр жылы декабрь айының биринши ҳәптесинде «Пуқаралық жәмийети ҳәптелиги» өткерип барылады. Оның шеңберинде Парламент комиссиясы тәрепинен тараў ўәкиллери «Пуқаралық жәмийетин раўажландырыўға қосқан үлеси ушын» көкирек белгиси менен сыйлықланады.

Ҳәр еки жылда Олий Мажлис фонды тәрепинен сыйлықланатуғын “Пуқаралық басламасы” миллий сыйлығы шөлкемлестириледи.

Журналистлер арасында ҳәр жылы дәстүрий өткерилип киятырған «Алтын қәдем» миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўда пуқаралық жәмийети институтлары жумысын сәўлелендириў бағдарында номинация шөлкемлестириледи.

  1. 11. Пуқаралық жәмийети институтларына мәмлекетлик субсидиялар, грантлар ҳәм социаллық буйыртпаларды ажыратыў менен байланыслы барлық процесслердиң ашық-айдынлығын тәмийинлеўге қаратылған бирден-бир электрон платформа иске қосылады.

Әпиўайы етип айтқанда, пуқаралық жәмийети институтларының өзи ҳәм кең жәмийетшилик Олий Мажлис фонды өткеретуғын таңлаўлардың бағдарларын қәлиплестириўде тиккелей қатнасыўы мүмкин болады.

Буннан тысқары, таңлаўлардың барлық басқышлары, атап айтқанда, арза бериўден таңлаў нәтийжесин жәриялаўға шекемги бәршеси санластырылып, инсан факторы минимал дәрежеге түсириледи, қатнасыўшылардан артықша ҳүжжетлер соралыўына шек қойылады.

Пәрман пуқаралық жәмийети институтларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын жаңа басқышқа алып шығады, бул процесслер ашық-айдынлықтың жоқары стандартларын белгилейди.

Ең әҳмийетлиси, пуқаралар ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда тиккелей қатнасыўы ушын жаңа имканиятларды ашып береди, атап айтқанда, социаллық шериклик институтын әмелде раўажландырыў бойынша шөлкемлестириў ҳәм ҳуқықый шараятлар жаратады, мәмлекетлик уйымлардың жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаўдың тәсиршеңлигин арттырады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы пәрманы мәмлекетимиздеги түпкиликли өзгерислер процесинде пуқаралардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғайтуғын, күш-ғайрат ҳәм умтылысларын сәўлелендиретуғын мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң орны ҳәм әҳмийетин беккемлеў бағдарындағы үлкен әҳмийетли қәдем болды.