26-август күни Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасының сырт мәмлекетлердеги дипломатиялық ҳәм басқа ўәкилханалары жанындағы сайлаў участкаларын дүзиўге байланыслы мәселе көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, сайлаўға таярлық көриў бойынша илажлар басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта. Сайлаў кодексине муўапық, партия дизими тийкарында Өзбекстан Республикасы Олий Мәжилиси Нызамшылық палатасы депутатларының бирден-бир сайлаў округи бойынша сайлаўды өткериў ушын Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң усынысы тийкарында Өзбекстан Республикасының сырт еллердеги дипломатиялық ҳәм басқа ўәкилханалары жанында сайлаў участкалары дүзиледи.
Соған бола, мәжилисте Сыртқы ислер министрлиги тәрепинен «E-saylov» мәлимлеме системасы арқалы жиберилген усынысқа тийкарланып Орайлық сайлаў комиссиясының Өзбекстан Республикасының сырт еллердеги дипломатиялық ҳәм басқа ўәкилханалары жанында сайлаў участкаларын дүзиў бойынша қарары қабылланды. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасының 39 сырт мәмлекетлердеги дипломатиялық ҳәм басқа ўәкилханалары жанында 56 сайлаў участкалары дүзилиўи белгиленди.
Сырт елдеги жерлеслеримиз пропорционал сайлаў системасы тийкарында даўыс береди. Соған бола, сырт мәмлекетлердеги дипломатиялық ҳәм басқа ўәкилханаларымыз жанындағы сайлаў участкаларында сайлаўшыларға сайлаўда қатнасыўға рухсат берилген сиясий партияларының атлары жазылған бюллетень бериледи.
Өзбекстан Республикасының сырт еллердеги дипломатиялық ҳәм басқа ўәкилханалары жанындағы сайлаў участкалары Ташкент қаласы аймағына бириктирилди. Орайлық сайлаў комиссиясы бул сайлаў участкаларын зәрүр инвентарлар менен тәмийинлеў илажларын әмелге асырады.
Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзА хабаршысы