Коррупцияның алдын алыў мақсетинде Өзбекстанда «Ашық-айдын қалалар» ҳәм «Ҳадал районлар» бағдарламалары иске қосылады.

Бул Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги ҳәм БМШ Раўажланыў бағдарламасы менен биргеликте мәмлекетлик ҳәкимият уйымларында коррупция қәўиплерин анықлаў, алдын алыў ҳәм сапластырыў мақсетинде ислеп шығылды.

Бул бағдарламалар Европа Аўқамы тәрепинен қаржыландырылып атырған «Өзбекстанда коррупцияға қарсы гүресиў бойынша миллий экосистеманы беккемлеў» биргеликтеги жойбары шеңберинде әмелге асырылмақта.

Дәслепки басқышта бағдарлама Ташкент қаласының Мырза Улуғбек районы, Жиззақ ўәлаятының Жиззақ қаласы ҳәм Бухара ўәлаятының Вобкент районында әмелге асырылады.

Мағлыўмат орнында айтып өтиў керек, «Ашық-айдын қалалар» ҳәм «Ҳадал районлар» – бул уйым ҳәм шөлкемлер ишинде коррупция ҳәр қандай көринисине қарсы ҳадаллық, ашық-айдынлық ҳәм әдеп-икрамлылықтың жоқары стандартлары әмел ететуғын арнаўлы жаратылған аймақлар болып табылады.

Бундай бағдарламалар Орайлық ҳәм Шығыс Европа, Қубла-Шығыс Европаның 11 мәмлекетинде әмелге асырылған ҳәм өз нәтийжелилигин көрсеткен. Бағдарлама 30 жергиликли ҳәкимият уйымында қолланылды.

Бағдарлама жаратыўшылары 2011-жылы мәмлекетлик хызметти раўажландырыўға қосқан үлеси ушын БМШ сыйлығына еристи.

Өзбекстанда әмелге асырылатуғын бағдарлама тийкарындағы илажлар коррупциядан жырақ аймақларды жаратыўға жәрдем береди. Бағдарлама табыслы әмелге асырылғаннан кейин басқа барлық район ҳәм қалаларға енгизиледи.

Н.Абдураимова, ӨзА