17-июль күни пайтахтымыздағы 2-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде 13–14 жастағы жас өспиримлер арасында спорттың гүрес түри бойынша «Мәҳәллемиз палўанлары» атамасындағы жарыстың Қарақалпақстан республикалық басқышы өткерилди.
Жарыстың мәҳәллелераралық басқышында жәми 342 пуқаралар жыйынынан 4098 жас ҳәм жас өспиримлер қатнасқан болса, финал басқышына республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан үш салмақ категориясында 100 ге шамалас жас палўанлар жетип келди.
Жарыс Қарақалпақстан Республикасы «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды, Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги ҳәм басқа да бир қатар министрликлер менен биргеликте шөлкемлестирилип, оны өткериўдеги тийкарғы мақсет – миллий спортымыз болған гүрести мәҳәллелерде, халық ҳәм жаслар арасында үгит-нәсиятлаў, жас әўладты саў-саламат, жетик инсан етип тәрбиялаў, қәбилетли жас палўанларды сайлап алып, гүрес бойынша үлгили гүрес секцияларын, клубларын шөлкемлестирип, олардын жумысларын жолға қойыўдан ибарат.
Жарыс жуўмағында ер балалар арасында 46 кг салмақта кегейлиши Мийрас Жумабаев, 50 кг салмақта хожелиши Жасурбек Исмайлов, 55 кг салмақта хожелиши Асадбек Айтбаевлар биринши, қызлар арасында 44 кг салмақта Нөкис қаласынан Гүлжамал Таңирбергенова, 48 кг салмақта Нөкис қаласынан Азада Медетбаева, 52 кг салмақта Кегейли районынан Гүлназ Турдыбаевалар бириншиликти ийеледи.
Солай етип, командалық есапта Хожели районының жас палўанлары биринши, Нөкис қаласы палўанлары екинши, Кегейли районы спортшылары үшинши орынды ийеледи.
Жарыс қатнасыўшылары ҳәм жеңимпазлар Пуқаралардың өзин -өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы