Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде темир жол транспорты тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўға қаратылған «Темир жол транспорты ҳаққында»ғы нызам жойбары биринши оқыўда додаланды.
– Нызам жойбары менен саламат бәсеки орталығын жаратыў, тараўға жеке меншик секторды кеңнен тартыў, темир жол транспортын монополиядан шығарыў мақсетинде тасыўшы ҳәм вагонлар (контейнерлер) операторының ҳуқық ҳәм миннетлемелерин белгилеп бермекте, – деди Транспорт министриниң орынбасары Жасур Чориев. – Әмелдеги нызамшылықта тасыўшының ҳуқық ҳәм миннетлемелери көрсетилмеген. Усы нызам жойбарында тасыўшының ҳуқық ҳәм миннетлемелери де белгиленбекте.
Буннан тысқары, нызам жойбарында темир жол транспортында жолаўшы тасыў тараўын және де раўажландырыў, усы тараўда мәмлекетлик-жеке меншик шерикликтиң ҳуқықый тийкарларын жаратыў, инвестицияларды тартыўды кеңейтиў ҳәм жолаўшыларға жоқары дәрежеде хызмет көрсетиўди тәмийинлеў имканиятларын арттырыўда мәмлекетлик емес сектор қатнасыўын хошаметлеў мақсетинде темир жолда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жойбарларды әмелге асырыў имканиятлары жаратылмақта.
Базар принципи тийкарында қәлиплестирилген тарифлер нәзерде тутылмақта. Яғный, тезжүрер поездлар – «Афросиёб», «Шарқ», «Насаф» сыяқлы поездларда жолаўшыларды тасыў тарифлерин мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў әмелиятынан ўаз кешилип, базар принциплери тийкарында тәртипке салыў әмелияты енгизилмекте. Сондай-ақ, темир жол транспортында жүклерди тасыўда шегирмелер бериў әмелиятынан ўаз кешилмекте. 2023-жылы 29 түрдеги шегирмелер берилиўи нәтийжесинде кәрхана 1,3 триллион сум дәрамат шығынға ушыраған. Жүклерди тасыўға берилген шегирмелер ҳәм шекленген тарифлер тийкарында жолаўшы ҳәм жүклерди тасыўдан көрилген зыян 2,8 триллион сумды қураған.
Сондай-ақ, нызам жойбарында социаллық қорғаўға мүтәж пуқараларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде темир жол транспортында жолаўшылардың жеңилликли жүриўи де белгиленбекте. Онда майыплығы болған шахслар билетлерди жеңиллик пенен онлайн сатып алыўы мүмкин болады. Әмелде болса жеңилликли билетлерди сатып алыў ушын пуқаралар кассаға барыўы зәрүр еди. Бул пуқараларға және де қолайлық жаратады.
Додалаўлар даўамында депутатлар темир жол транспортындағы айырым кемшилик ҳәм машқалаларды да ортаға таслап, нызам жойбарын жетилистириў бойынша усынысларды берди.
Муҳтарама Комилова, ӨзА