Өзбекстан Республикасы Президентиниң Бийлиги
Мәмлекетимиз экономикасында турақлы өсиў пәтлерин тәмийинлеў, исбилерменлик орталығын және де жақсылаў, исбилерменликтиң раўажланыўын жаңа басқышқа көтериў, елимиздиң өндирис ҳәм экспорт потенциалын жоқарылатыў бағдарындағы үлкен хызметлери, тараўға алдынғы инновациялық, «жасыл» ҳәм санлы технологияларды енгизиў, инвестициялар көлемин көбейтиў, жумыс орынларын жаратыўға қосқан мүнәсип үлеси, сондай-ақ, бизнесте ерисип атырған салмақлы нәтийжелери және жәмийетлик турмысқа белсене қатнасқаны ушын төмендегилер «Фаол тадбиркор» көкирек белгиси менен сыйлықлансын:
Қарақалпақстан Республикасы бойынша:
Алламбергенов Шарипбай Оразимбетович – Тақыятас районындағы «Гулсара пиллачи» фермер хожалығының баслығы
Базарбаева Гулбахар Утебаевна – Нөкис қаласындағы «Qanli Xantore» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы
Жарқынбаев Салаўат Мырзақулович – Елликқала районындағы «Bo‘ston Silk» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң шөлкемлестириўшиси
Султанов Тельман Разумович – Елликқала районндағы «Рўзимбой баба» көп тармақлы фермер хожалығының баслығы
Турекеев Азамат Утебаевич – Шымбай районындағы жеке тәртиптеги исбилермен, өнермент-отаў соғыўшы
Уразбаев Ажинияз Абдреймович – Нөкис қаласындағы «Orient Technology» жуўпкершилиги шекленген жәмийетиниң директоры
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш.МИРЗИЁЕВ