5-11-июль күнлери аралығында Малайзия мәмлекетиниң Ипох қаласында спорттың таэквондо 85F түри бойынша өткерилген халықаралық турнири өткерилип, оған жерлесимиз Илҳам Исаков табыслы қатнасып, қос алтын медаль менен республикамызға жетип келди.
13-июль күни спортшыны Нөкис темир жол вокзалында салтанатлы жағдайда күтип алыў мәресими өткерилди.
Халықаралық турнирге дүньяның 4 мәмлекетинен 800 ге шамалас спортшы қатнасып, өз-ара күш сынасты.
Илҳам Исаков халықаралық турнирде 80 киллограм салмақ категориясында туль ҳәм массоги бағдарлары бойынша қатнасып, малайзиялы ҳәм гонконглы споршы қарсыласларынан күш ҳәм әўмет жағынан үстин келип, еки бағдар бойынша да бириншиликти ийелеп, алтын медаль менен сыйлықланды.
– Бундай жетискенликке ерисиўимде ата-анамның, устазым Абдусаид Абсаттаровтың ҳәм Өзбекстан таэквандо федерациясы Қарақалпақстан бөлиминиң мийнетлери айрықша деп билемен, – дейди мақаламыз қаҳарманы.
Мағлыўмат орнында соны да айтып өтпекшимиз, И.Исаков 1994-жыл 27-январьда Нөкис қаласында туўылған. 7жасынан баслап спорттың таэквондо 85F түри менен турақлы шуғылланып келмекте. Усы шынығыўлары нәтийжесинде ол 5 мәрте Өзбекстан чемпионы, бир мәрте Азия чемпионы болған.
Ол Нөкис педагогикалық колледжин тамамлағаннан соң, пайтахтымыздағы 2-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде тренер болып өзиниң дәслепки мийнет жолын баслаған. Бүгинги күнде бул дәргайда жемисли мийнет етпекте.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы