Нөкис қаласындағы 2-санлы спорт мектебинде стол тенниси бойынша “Министрлер Кабинети жанындағы Салық комитети баслығының кубоги” жарысының қалалық басқышы болып өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасы тәрепинен Өзбекстан стол тенниси федерациясы Қарақалпақстан бөлими менен биргеликте шөлкемлестирилген жарыста 2009-2012, 2013 ҳәм оннан киши жастағы жас теннисшилер қатнасты.
Жарыс жуўмағында 2009-2012-жыллары туўылған жас өспиримлер арасында Дәрбент мәкан пуқаралар жыйынынан Нурсаид Азатбаев, қызлар арасында Наўқанбағ мәкан пуқаралар жыйынынан Согдиана Жийенбаева, 2013 ҳәм оннан киши жастағы жас өспиримлер арасында Туран мәкан пуқаралар жыйынынан Атабек Өмирзақов, қызлар арасында Телемарказ мәкан пуқаралар жыйынынан Тумарис Султанбековалар биринши орынларды ийелеп, келеси басқышқа жоллама алды.
Жарыс жеңимпазлары менен сыйлы орын ийелерине Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасының диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги