Франция пайтахты Париж қаласында өткерилип атырған XXXIII жазғы Олимпиада ойынлары күтилмеген нәтийжелерге бай болмақта. Бул ири спорт илажында түрли абырайлы шөлкем жуўапкерлери де мийман болып турыпты ҳәм олар түрли илаж, ушырасыўларда қатнаспақта.

ФИФА президенти Жанни Инфантино Парижде жайласқан шөлкем офисинде Өзбекстан делегациясыныӊ жуўапкер басшылары менен ушырасқан. Ж.Инвантино бул ҳаққында өзиниӊ “Instagram” социаллық тармағындағы рәсмий бетинде төмендегише хабар жәриялаған.

“Өзбекстан Орайлық Азияда ФИФА шеӊбериндеги халықаралық жарысты қабыл ететуғын биринши мәмлекет болады. Мәмлекетте 14-сентябрьден 6-октябрь күнине шекем футзал бойынша жәҳән чемпионаты болып өтеди.

Мен бул тарийхый беллесиўге таярлық көриўдеги үлкен жумыслар ушын усы мәмлекет жуўапкерлерине өз миннетдаршылығымды билдирдим ҳәм әўмет тиледим. Май айында Самарқандта өткерилген шек таслаў мәресими Өзбекстаннан нелерди күтиўимиз мүмкин екенин көрестип берди. Мен бул мәмлекеттен әжайып ҳәм гөззал турнир өткериўин күтпектемен”.

Өзбекстан миллий олимпиада комитети баспасөз хызметиниӊ хабарына бола, ФИФА президенти өзиниӊ хабарында сондай-ақ, Париж қаласындағы ушырасыў даўамында Өзбекстанға ФИФА Футзал жәҳән чемпионаты рәсмий кубогин тапсырғанын атап өткен. Буннан тысқары, Парижде жайласқан офситеги музей ҳаққында айтып, ол жерде Равшан Эрматовтыӊ төрешилик дәўириндеги экспонатын көриў жағымлы болғанын атап өткен.

                                                 Жавоҳир Тошхўжаев, ӨзА