Японияныӊ Майдзуру қаласы ҳәкими Камода Акитсу XXXIII жазғы Олимпиада ойынларында жеӊиске ерисип, өзбек спорты тарийхында жаӊа бет ашқаны менен Диёра Келдиёрованы қутлықлап, хат жоллады.
Япониялы сиясатшы Өзбекстанда дзюдо спорт түрине берилип атырған итибар, Диёра Келдиёрованыӊ қәбилети, оныӊ дзюдоныӊ нәзик усылларынан тереӊ хабардар екени, билим ҳәм потенциалы мақтаўға ылайықлы екенин атап өткен.
Сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Япония дзюдо феднрациялары арасындағы бирге ислесиў байланыслары орнатылғаны, дослық қатнасықларыныӊ символы сыпатында Диёра Келдиёрова «Токио-2020» ҳәм «Париж-2024» Олимпиада ойынларына әйне Токиода өткерилген оқыў-шынығыў ойынларында қатнасқанын, бул, япониялы дзюдо ықласбетлерине шексиз мақтаныш бағышлағанын билдирип өткен.
Т.Рўзиев, ӨзА