30-июль күни Париж Олимпиадасының төртинши күнги беллесиўлери өз жуўмағына жетти.
Өткерилген бул жарысларда өзбекстанлы спортшылардан академиялық ескек есиўде Анна Пракатен ярым финалға жол алған болса, 81 кг салмақта қатнасқан дзюдошымыз Шарофиддин Болтабоев қола медалы ушын өтиў беллесиўинде тәжикстанлы палўанға жеңилип қалды.
Боксшилеримизден 57 кг салмақта Ситора Турдибекова конголы Марселат Сакобиди 3:2, -51 кг да Ҳасанбой Дўсматов пуэрто-риколы Хуанма Лопес де Хесусты, -80 кг да Тўрабек Хабибуллаев филиппинли Эумир Марсиальды 5:0 есабында жеңип келеси басқышқа жолламаны қолға киргизди.
Ал, -54 кгда Нигина Ўктамова арқа кореялы Чолми Пангке жеңилип қалды.
Бүгин 31-июль күни мәмлекетимиз спортшыларынан академиялық ескек есиўде Шаҳзод Нурматов/Собир Сафаралиев, дзюдошылардан -90 кгда Давлат Бобонов, -70 кгда Гулноза Матниязова, -57 кг да Абдумалик Халоков, -71 кг да Асадхўжа Мўйдинхўжаев, оқ жайдан атыўда Амирхон Содиқов ҳәм Зиёдахон Абдусатторовалар жарысларға қатнасады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы