Кеше Париждеги «Парк де Пренс» стадионында футбол бойынша Өзбекстан Олимпиада сайланды командасы Доминикан Республикасы футболшыларына қарсы ойын өткерди.
Бул ойында бас тренеримиз Тимур Кападзе командамыздың тийкарғы қурам футболшыларынан Элдор Шамуродов, Аббасбек Файзуллаев, Авдувоҳид Неъматов, Жасур Жалолиддиновлерсиз ойынды баслады ҳәм биринши таймды 0:0 есабы менен жуўмақлады.
Екинши таймда доминиканлы футболшылар қәўиплирек ҳүжимлер менен баслады ҳәм усындай ҳүжимлердиң биринде пенальти ислеп алды. Оннан нәтийжели пайдаланған Рафаэл Нуньес ойындағы есапты ашты. Буннан соң ойында бир қатар өзгерислер жүз берди. Атап айтқанда, Тимур кападзе 57-минутта Руслан Жиянов орнына Жасур Жалолиддиновти, Хусайн Норчаев орнына Элдор Шамуродовты, Ибрагим Ибрагимов орнына Аббасбек Файзуллаевты ойынға түсирди ҳәм бул өзгерислер өзиниң унамлы нәтийжесин берди.
Атап айтқанда, 58-минутта Алишер Адилов Элдор Шамуродов тәрепинен өзине жеткерип берилген топты, Доминикан дәрўазасына анық жоллап, ушырасыўдағы есапты теңлестириўге миясар болды.
Ушырасыў даўамында буннан кейин де футболшыларымыз тәрепинен көплеген қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирилди. Бирақ, булардың ҳеш қайсысы голға айланбады. Нәтийжеде ушырасыў 1:1 есабы менен жуўмақланды.
Усы топардағы екинши ойында болса, Египет Испанияны 2:1 есабында жеңип шығып, 7 упай менен келеси басқышқа жол алды.
Сондай-ақ, кеше басқа да топарларда 3-тур ойынлары болып өтти. Атап айтқанда, «А» топарында топар жетекшиси Франция Жаңа Зеландияны, АҚШ Гвинеяны 3:0 есабында жеңип шығып келеси басқышқа жол алды. Оғада қурамалы жағдайда қалған «В» топарында Марокко Иракты 3:0, Аргентина Украинаны 2:0, «Д» топарында Япония Израилды, Парагвай Малиди 1:0 есабында жеңип, шерек финал қатнасыўшыларына айланды.
Шерек финал ойынлары 2-август күни болып өтеди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы