“Салық комитети баслығы кубоги” жарысларының районлық басқышлары орынларда қызғын даўам етпекте. Спорттың стол тенниси түри бойынша даўам етип атырған мәҳәллелер арасындағы жарыс Қоңырат районында да шөлкемлестирилди.


Райондағы Бостан мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы спорт мектебинде мәҳәллелер арасында жарыс болып өтти.

Қызғын беллесиўлерге бай болған бул жарысқа 2 жас категориясында 60 тан аслам жаслар қатнасып, өз-ара күш сынасты. Мәҳәллелер арасында өткерилген бул жарыс тәжирийбели төрешилер тәрепинен бақлап барылды.


Жарыс жуўмағында жеңимпаз болған қатнасыўшылар кейинги басқышқа жолламаны қолға киргизип, районлық салық инспекциясы ҳәм район ҳәкимлиги тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Усы жарыстың районлық басқышы Төрткүл районында да шөлкемлескенлик пенен өткерилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги