Парижде өткерилип атырған Олимпиада ойынларында академиялық ескек есиў спорты бойынша шерек финал жарыслары болып өтти ҳәм онда елимиз сайланды командасы ағзасы Анна Пракатен өз топарында 7:35.91 нәтийже көрсетип, ярым финалға жол алды.

Енди ярым финал жарыслары 1-август күни саат 12:30 болып өтеди.

Ал, -81 кг салмақта қатнасып атырған дзюдошымыз Шарофиддин Балтабаев өзиниң дәслепки беллесиўин ираклы палўан Сажжад Сеҳинниң менен гүреске түсиўи керек еди. Бирақ, ираклы дзюдошының жарыстан дисквалификация етилиўи себеп,  Шарофиддин келеси басқышқа жол алды.

1/8 финал басқышында болса, ол франциялы Жало Алфа Омарға қарсы татамиге шығып, оны жеңип шығыўға еристи ҳәм Олимпиаданың шерек финалына жол алды.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.