Қарақалпақстан Республикасы «Бердақ» жәмийетлик фонды, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды тәрепинен усы жыл 1-апрельден 2-майға шекем өткерилген «Жаслардыӊ машқалаларын шешиўге, басламалары ҳәм заманагөй идеяларын алға қойыўға қаратылған жойбарларды қоллап-қуўатлаў» атамасындағы мәмлекетлик гранты 1-таӊлаўына «Қарақалпақ этно аўылы» атамасындағы жойбары менен қатнасып жеңимпаз болды.
Усы жойбар бойынша басланған жумыслардан ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм кеӊ жәмийетшиликти хабардар етиў, сондай-ақ, бирге ислесиўши шөлкемлер менен шериклик ўазыйпаларды белгилеп алыў мақсетинде 25-июль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Мәдений мийрас басқармасы, Туризм басқармасы, Нөкис қалалық мәденият бөлими, ғалаба хабар қураллары ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларынан ўәкиллер қатнасты.
Онда «Бердақ» жәмийетлик фондының директоры, жойбар басшысы Шәригүл Пайзуллаева жыйналғанларға жойбар туўралы мағлыўматлар берди.
Атап өтилгениндей, “Қарақалпақ этно аўылы” ата-бабаларымыз жасаған аўыл мысалында исленеди. Яғный, XVIII-XIX әсирлерде қарақалпақлардың турақ жайларының бир түри қара үй – ақ отаў болған. Жойбар барысында музей қасында еки қара үй тигилип ҳәмме баўшуўлары менен безетиледи. Отаўдың ишинде қарақалпақ халқының турмыс тиришилигине байланыслы буйымлар қойылады.
Қарақалпақ отаўы өзиниң дүзилиси, көриниси ҳәм безелиўи менен халқымыздың узақ әсирлик мийрасы екенлигинен дәрек береди. Отаўды безеўде қолланылатуғын ақбасқур, кызыл басқур, қурлар, ишки ҳәм сыртқы жанбаўлар, есик қас, белқурлар – булардың барлығы да өнерментшиликтиң жетилискен түрлери, ҳаял-қызлардың уқып ҳәм шеберликлеринен ғәрезли. Уллы бабаларымыздыӊ ўатансүйиўшилик ҳәм раўажланыў бойынша бай руўхый-ағартыўшылық мийрасын жаслардың санасына сиӊдириў мақсетинде таярланған бул жойбарда халқымыздың бай ғазийнелери үйрениледи, отаўдың ислениў процеси, материаллары, оны қурыў тәртиби ҳақыйкый түринде көрсетиледи.
Нәтийжеде, Бердақ дәўириндеги халқымыздың ең бийбаҳа мүлки, инсан ақыл ойы, уқып ҳәм имканиятларының жемиси болған ақ отаў толық түринде бой тиклейди.
– «Бердақ» жәмийетлик фонды 1998-жылы дүзилип, 2014-жылы қайта дизимнен өтти,-дейди фонд директоры Ш.Пайзуллаева. – Қарақалпақстан Республикасында миллий мәдений, тарийхый мийрасларды үйрениў ҳәм қайта тиклеў, өтмиште жасап өткен уллы шайыр ҳәм алымлардың мийрасларын үйрениўши жасларға жәрдем бериў, Бердақ дәўирине тийисли тарийхый мийрасларды үйрениўши жасларға қолайлы шараят жаратып бериў арқалы мәдений, илимий, әдебий бағдардағы режелерди әмелге асырмақта.
Тарийхымыздың терең тамырлары болған миллий мийраслар, тарийхый естеликлер ҳаққында мағлыўматлар берилип барылады. Бердақ фонды тәрепинен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлер менен пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап қуўатлаў жәмийетлик қоры тәрепинен жәрияланған грант шеӊберинде «Қарақалпақстан» баспасынан 2013-жылы «Бердақ миллий мәдениятимиз байтереги», 2015-жылы «Бердақ дәўириндеги қорған қалалар», 2016-жылы «Музейлер мың жыллықлар тарийхты толғайды», 2018-жылы Ҳәким ата Сулайман Бақырғанийдиң «Ҳикметлери, дәстанлары», 2019-жылы «Тарийхта даңқ таратқан қызлар», 2021-жылы Бердақ атындағы Карақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи фондында сақланған XIX әсирде жасап өткен, 28 жасында Венгер алымы Г.Вамберий менен Венгрияға кетип қайтып келмеген шайыр Ысақ молланыӊ қол жазбалары тийкарында “Даӊқынды жазарман Жайҳун” атамасындағы китаплар шығарылып халыққа усынылды.
Бердақ фонды қарақалпақ халқының миллий мийрасларын, мәдений-мәнаўий байлықларын узақ әсирлерден берли жасап киятырған тарийхый естеликлерин кең жәмийетшиликке, әсиресе, жаслардың санасына сиңдирип, инсаныйлық қәдириятларды сақлаўды мақсет еткен. Усындай ўазыйпаларды атқарыў менен бирге, усы жойбар әмелге асса қарақалпақ халкының миллий мәдениятын, тарийхын, үрп-әдет дәстүрлерин жаслар арасында кеңнен ен жайдырыўда үлкен имканият болар еди.
Илажда қатнасыўшылардың жойбарды әмелге асырыў бойынша пикир-усыныслары да тыңланып, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.