Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткерилип атырған видеоселектор мәжилисинде быйылғы бюджетте белгиленген түсим прогнозын тәмийинлеў мәселелери көрип шығылды.
Жуўапкер басшылар екинши ярым жыллық ушын түсим сөзсиз тәмийинлениўи шәрт екени ҳаққында ескертилди.
Соның менен бирге, район ҳәкимлери ҳәм салықшылар режени орынлайман деп, исбилерменди артықша төлетиўге мәжбүрлеп атырғаны бойынша жағдайлар бақланып атырғаны атап өтилди.
Бул жағдайды сынға алып, Президент өндирис ҳәм дәраматтың артыўына қыйналған исбилерменге жәрдем бериў арқалы ғана ерисиў мүмкин екенин көрсетип өтти.
Барлық ҳәким ҳәм салықшылар қатаң ескертилди: исбилерменге артықша төлеткен жуўапкерлер жазаланады. Бас прокуратураға бул мәселени айрықша қадағалаўға алыў тапсырылды.
ӨзА