Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында экономикалық өсиў пәтлерин тәмийинлеў бойынша биринши ярым жыллықта әмелге асырылған жумыслар ҳәм келешектеги ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилиси басланды.
Талқылаўлардың көрсетиўинше, 2024-жылдың биринши алты айында жалпы ишки өним 6,4 процентке көбейди, санаат – 7,8 процентке, қурылыс – 10,1 процентке, хызметлер – 12,9 процентке, аўыл хожалығы – 3,8 процентке өсти.
Бюджет дәраматлары да 113 триллион сумға жетип, 14 процентке өсти. Улыўма, жыл басынан берли республикада жаратылған қосымша қун 567,4 триллион сумға жетти. Бул – өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 94 триллион сумға көп.
ӨзА