Өзбекстан Президентиниң «Бюджет қәрежетлеринен пайдаланыў бойынша финанслық бақлаўды күшейтиў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Пәрманына бола, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери системасында ишки аудит хызметлери шөлкемлестириледи.
Есап палатасына жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларында коррупцияға қарсы гүресиў бойынша ишки бақлаў системасын енгизиўге, сондай-ақ, оның нәтийжели жумыс ислеўине тийисли илажлардың әмелге асырылыўы бойынша бақлаў ўәкиллиги бериледи.
Мәмлекеттиң финанслық бақлаў уйымлары ҳәм ишки аудит хызметлериниң жыллық ис режелерине киргизилетуғын финанслық бақлаў ҳәм ишки аудит илажлары мәжбүрий тәртипте Есап палатасы менен келисиледи.
Мәмлекеттиң финанслық бақлаў уйымлары ҳәм ишки аудит хызметлери шөлкемлестирилген министрлик ҳәм уйымларға, Орайлық банк ҳәм коммерциалық банклерден бюджет шөлкемлери ҳәм бюджет қәрежетлерин алыўшылардың бюджет ҳәм мәмлекетлик қаржы қәрежетлериниң ҳәрекетине тийисли мағлыўматларды орайласқан тәртипте сорап алыў ўәкиллиги бериледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги