Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев халықтың турмысы, аймақлардың раўажланыўы менен жақыннан танысыў мақсетинде 11-12-июль күнлери Ферғана ўәлаятында болды.
Сапардың екинши күни Қува районында Ферғана ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған тийкарғы ўазыйпалар бойынша мәжилис болып өтти.
Президент Шавкат Мирзиёев өсип баратырған халықтың мүтәжлигин тәмийинлеў ушын экономиканы избе-из раўажландырыў зәрүр екенин атап өтти.
– Ферғана үлкен ўәлаят. Ҳәзирги күнде халқы 4 миллионнан артты. Бундай өсиў менен 2030-жылға барып 5 миллионға жетеди. Бул айтыўға аңсат. Бирақ, бул санның артында қанша жуўапкершилик бар. Ҳәр жылы жаңа бақша ҳәм мектеплер, турақ жайлар қурыў, жүз мыңлаған жумыс орынларын жаратыў зәрүр. Соның ушын ҳәзирги қәўипли заманда қалайынша экономикамызды турақлы етемиз, деген сораў бәршемизди қыйнаўы керек, – деди Президент.
Соңғы жети жылда ўәлаятта үлкен өзгерислер болды. Жол, суў, жер, турақ жай, билимлендириў ҳәм медицина инфраструктурасы жақсыланды. Киргизилген инвестициялардың көлеми 3 есеге көбейди. Товар айланысы 10 миллион доллардан артқан 122 кәрхана пайда болды.
Экспорт та көбеймекте. Бул көрсеткиш өткен жылы 722 миллион долларды қурады. Ферғаналы кәрханалар 60 жаңа базарға кирип барды.
Бирақ, 19 кәрханада қуўатлылық төменлеген. 3 жойбарды иске қосыў кешиккен. 6 мың 700 кәрханада жумыс орынлары азайған. Өткен жылы экспорт еткен 135 кәрхана быйыл еле сыртқа өним сатпаған.
Ўәлаят санаат өсиўи бойынша республикада ең ақырғы орында. Сонша шараят бола турып, Ферғанада өткен жылы тек ғана 220 миллион долларлық мийўе-овощ экспорт болған. Тек ғана 30 процент ийирилген жип қайта исленбекте.
Дизимге алынған 545 исбилермен есапбет ашпаған, мыңнан асламы банк арқалы айланыс ислемеген. Соның ушын жумысшылар төлеп атырған дәрамат салығының ярымын район бюджетинде қалдырыў мәселеси қойылды. Бул арқалы районда пайда көбейетуғыны, исбилерменлерди “саядан” шығаратуғыны айтылды.
Мәмлекетимизде кәмбағаллықты қысқартыў бойынша көп жумыслар орынланды. Жумыссыз ҳәм мүтәжлерге банк-қаржы арқалы жәрдемлесиў жолға қойылды. Енди жаңа көзқарасқа мүтәжлик сезилип атыр.
Мәмлекетимиз басшысы буны Бағдад районы мысалында таллап, система жетилистирилетуғынын айтты.
– Кәмбағал деп қанша напақа төлегенимиз бенен, жумыс таўып бермесек, және социаллық жәрдемге қайта-қайта келебереди, ийек артыўшылық күшейип бара береди. Соның ушын енди кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм социаллық қорғаў бир системада болады. Буны республикада Социаллық қорғаў агентлиги басқарады, – деди Шавкат Мирзиёев.
Мәжилисте ўәлаяттиң экономикасын раўажландырыў бойынша тийкарғы ўазыйпалар додаланды.
Өзбекстан Президентиниң 10-июльдағы қарарына бола, “Қоқанд” еркин экономикалық зонасының аймағы Қувасай қаласының Пакана, Кокилон ҳәм Сўфон мәҳәллелериндеги 210 гектарға кеңейтилди. Ол жерде 2026-жылдың ақырына шекем кеминде 1 миллиард доллар муғдарындағы инвестициялар өзлестирилиўи, 11 мыңнан аслам жумыс орны жаратылыўы, жылына 965 миллион долларлық өним ислеп шығарылыўы белгиленген. Жуўапкерлердиң бул бағдардағы ўазыйпалары және бир мәрте көрсетип өтилди.
Сондай-ақ, Қытай тәжирийбеси тийкарында 19 район-қаланың ҳәр бири санааттың анық бағдарына қәнигелестирилип, санаат зоналары шөлкемлестириледи.
Жоқары қосымша қун жаратыў ҳәм жумыс орынларын көбейтиў шәрти менен қосымша 1 мың 210 гектар жер ажыратылады. Буның ушын ўәлаят ҳәкимлиги жанында дирекция шөлкемлестирилип, бул жерлер оның ықтыярына бериледи. Жергиликли исбилерменлер санаат зоналарындағы имаратларды ижараға яки мүддетли сатып алыўы мүмкин болады.
Санаатты район ҳәм мәҳәллеге түсириў ушын инфраструктура қәрежетлерине 50 миллион доллар ссуда ажыратылады. 161 ири мәҳәлледе де 4-5 қабатлы санаат орайлары шөлкемлестириледи.
Мәмлекетимиз басшысы Ферғанада санаатқа үлкен түртки беретуғын жойбарларды көбейтиў зәрүрлигин атап өтти.
Атап айтқанда, энергетика, нефть-газ ҳәм химия тараўларында 2 миллиард долларлық жойбар әмелге асырылады. 700 миллион долларлық инвестиция есабынан 230 түрдеги жаңа қурылыс материалларын ислеп шығарыў шөлкемлестириледи.
Электр техникасы санаатында 420 миллион долларлық, автомобиль қурылысында 500 миллион долларлық жойбарлар әмелге асырылады. Атап айтқанда, Қувасайда электромобильди зарядлаў станциясы ҳәм аўыл хожалығы техникаларын ислеп шығарыў режелестирилген. Тоқымашылық тармағында 300 миллион долларлық жойбар арқалы ийирлиген жипти қайта ислеўди 60 процентке алып шығыў мөлшерленген.
Аўыл хожалығы тараўы талланаып, соңғы үш жылда 110 мың халыққа дийқаншылық ушын 25 мың гектардан аслам жер ажыратылғаны атап өтилди. Бул жерлерде үш мәртеге шекем өним алыў мүмкин екени айтылды.
Ферғана районында 200 гектардан санаат усылында Италия ҳәм Польшаның өнимдарлы малина сортлары егиледи. Қўштепа ҳәм Ёзёвонда жоқары өнимдарлы бадам, шабдал, шийе ҳәм қәрели бағлары қурылады. Ири бағманлардың жеринде суўытқышлы қоймаханалар шөлкемлестириледи.
Бағман-исбилерменлер ушын бир қатар жаңалықлар жәрияланады. Мийўе-овощты сақлаў, сайлап алыў ҳәм қайта ислеў жойбарларына сырт ел валютасында алынған кредитлердиң 6 процентине шекемги бөлеги қаплап бериледи. Қувасай қаласындағы 616 фермердиң аўырын жеңил етиў ушын жер салығы ярымына кемейтиледи.
Ферғанада туризм потенциалы да үлкен. Саяхатшыларға қолайлық жаратыў ушын Шаҳимардан ҳәм Ёрдон аўылларына вертолёт пәрўазын жолға қойыў, “Водил” ҳәм “Оқ-қия” постларына халықаралық статус бериў мәселеси көрип шығылды. Жуўапкерлерге бул аўыллар ҳәм Водил қалашасының мастер-режесин ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды. Ферғана районын туристлик рекреациялық зона етиў бойынша тапсырма берилди.
Мәжилисте Қува районында аўыл хожалығы, өнерментшилик ҳәм хызметлерди раўажландырыў, Қоқанд ҳәм Марғулан қалаларында көп қабатлы турақ жайлар, санаат кәрханалары, мәденият ҳәм туризм орайларын қурыў мәселелерине айрықша тоқталып өтилди.
Жас әўладтың қәлби ҳәм санасына ана журтқа муҳаббат ҳәм садықлық, бүгинги тыныш-татыў өмиримиздиң қәдирине жетиў ҳәм шүкиршилик сезимлерин терең сиңдириў жумысларын жаңа басқышқа көтериў максетинде Қоқанд ҳәм Марғуланда нураныйлер, имам-хатиблер, мәҳәлле белсендилеринен ибарат Ақсақаллар кеңеси ҳәм ата-аналар топарларын дүзиў усынысы алға қойылды.
Жыйналғанлар бул усынысты қоллап-қуўатлап, тәрбиясы аўыр жасларды дурыс жолға салыў, адасқан, қыйын жағдайға түсип қалган жасларға өз орнын табыўына жәрдем бериў, оларды ағартыўшылыққа тартыў, руўхыйлықты раўажландырыў бойынша тәжирийбе жаратылса, бул пүткил республикаға үлги болатуғына исеним билдирди.
Улыўма, ўәлаят ҳәкими ҳәм орынбасарлары, қала ҳәм район басшыларының жуўапкершилигин арттырып, жыл жуўмағына шекем тийкарғы капиталға 2,1 миллиард доллар қосыў, 400 мың адамды бәнт етиў, 80 мың шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыў бойынша халық алдында кепиллик берди. Ўәлаят кеңеси депутатлары комиссия дүзип, оны қадағалаўға алады.
Банк ҳәм аймақлық филиаллардың баслықлары өндирис, хызметлер, бәнтлик бағдарламаларын қаржыландырыў режелери бойынша есабат берди.
Мәмлекетимиз басшысы жәмийетшилик ўәкиллери менен ашык сөйлесиў өткерди.
Буннан соң Президент «Уз-Сеганг» биргеликтеги кәрхананың интенсив бағын көзден өткерди. Исбилерменниң машқала ҳәм усынысларын сорады.
Кәрханаға Қува районынан дерлик 2 мың гектар ҳәм Қувасай қаласынан 1 мың 600 гектар жер ажыратылған.
Бул төбелик алдын пайдаланылмайтуғын жайлаў жерлер еди. Мәмлекетимиз басшысының 2020-жыл июньда Ферғана ўәлаятына сапары даўамында исбилерменниң бул жерде бағ жаратыў усынысын қоллап-қуўатланды.
Ҳәзир бул агрожойбар басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта. Дәслепки еки жылда 450 гектар интенсив бағ жаратылып, тамшылатып суўғарыў жолга қойылды. Экспортқа қолайлы шийе ҳәм шабдал нәллери өнимге кирип қалды.
Келеси еки жылда қайта өзлестирилген бул жерлерде және 980 гектар интенсив бағ қурылады. Сондай-ақ, экотуризм ҳәм логистика орайлары иске қосылады. Ең әҳмийетлиси, және қосымша 200 турақлы, 3 мың мәўсимлик жумыс орны пайда болады.
Өткен жылы кәрхана тәрепинен фермер хожалықлры ҳәм шаңарақларынан 1 мың 700 тонна шийе, шабдал ҳәм әнар жыйнап алынып, 5 миллион доллардан аслам экспорт етилди. Быйыл экспорт муғдарын 15 миллион долларға жеткериў режелестирилген.
Кәрхана тек ғана мийўе жетистириў менен шекленбейди. Италия, Түркия, Қубла Корея ҳәм Қытайдан алдынғы технологиялар алып келинип, өнимлерди сақлаў, кайта ислеў, қадақлаў жолға қойылған.
Президент усы сыяқлы жойбарларды көбейтиў зәрүрлигин атап өтип, буның ушын қандай усыныс болса, қоллап-қуўатлаўға таяр екенин билдирди.
Бул жерде ўәлаяттағы агросанаат өнимлери көрсетилди. Тараўдағы келешектеги режелер таныстырылды.
Ўәлаятта 48 мың 300 гектар бағ ҳәм жүзим бағлары бар, оның 3 мың 400 гектарын интенсив бағлар қурайды. Кейинги төрт жылда 6 мың 400 гектар бағ ҳәм 2 мың 900 гектар жүзим бағлары қурылады. Сондай-ақ, 1 мың 400 гектарда тамшылатып суўғарыў системасы енгизилген.
Быйыл және 3 мың 400 гектар интенсив бағ ҳәм жүзим бағлары қурылып, 2 мың 400 жумыс орнының жаратылыўы мөлшерленген.
Усының менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Ферғана ўәлаятына сапары жуўмақланды.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,
ӨзА хабаршылары