Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлары рейтигинде бир текше төменледи. Бул көрсеткиш

«Henley & Partners» халықаралық консалтинг компаниясы тәрепинен дүзилген рейтингте белгиленген.

Келтирилиўинше, Өзбекстан бул рейтингте 79-орынды ийелеген, оған бола, мәмлекет пуқаралық паспортына ийе болғанлар 64 мәмлекетке визасыз ямаса әпиўайыластырылған тәртипте кириў имканиятына ийе. 2023-жылы Өзбекстан усы рейтингтиң 78-орнын ийелеген еди.

Өзбекстаннан тысқары Куба, Монголия ҳәм Мозамбик сыяқлы мәмлекетлер де 79-орынды ийелеген.

Рейтингте биринши орынды Сингапур паспорты ийелеген болып, бул мәмлекет пуқаралары 195 мәмлекетке визасыз кириў имканиятына ийе. Рейтингте екинши орынды болса Франция, Германия, Италия, Япония ҳәм Испания (194 мәмлекетке визасыз кириў) ийелеген. Австрия, Финляндия, Исландия, Люксембург,

Нидерландия, Қубла Корея ҳәм Швеция болса 193 мәмлекетке визасыз кириў имканияты менен рейтингтен үшинши орнын ийелеген.

Орайлық Азия мәмлекетлериниң паспорт рейтингиндеги орны төмендегише:

Қазақстан 67-орын (79 мәмлекет);

Қырғызстан 78-орын (65 мәмлекет);

Тәжикстан 82-орын (60 мәмлекет);

Түркменстан 90-орын (52 мәмлекет).

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги