Саудия Арабстанның ғалабалық «Sahm News» газетасы сайтында «Өзбекстанда жаслар тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар, ўазыйпалар ҳәм жаңа усыныслар бойынша мәжилис өткерилди» темасындағы мақала жәрияланды, деп хабар бермекте «Дунё» МА.
«Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 28-июнь күни жаслар сиясаты тараўындағы жумыслардың жуўмағы, жаңа ўазыйпа ҳәм усынысларды додалаўға бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти, – делинеди мақалада. – Мәжилис алдынан жумыслардың нәтийжелилиги көрип шығылды. Кейинги жети жылда жасларға байланыслы 100 ден аслам нызам ҳәм қарарлар қабыл етилип, 200 ден аслам жеңилликлер берилгени атап өтилди».
Басылымда тек ғана тәлим кредитинен 151 мың жас пайдаланған. Мүтәж шаңарақлардан болған және 110 мың студенттиң шәртнама төлеми төлеп берилгени мәлим етилген.
«Эл-юрт умиди» қоры арқалы АҚШ ҳәм Уллы Британияның ең абырайлы университетлерин 50 жигит-қыз тамамлады. Бүгинги күнде оларда оқып атырған өзбекстанлылар 200 ден артты. Улыўма етип айтқанда, 110 мың Өзбекстан жаслары сырт елде билим алып атыр.
Атап өтилиўинше, Өзбекстандағы Президент мектебиниң баҳалаў системасы 500 мектепте енгизилиўи нәтийжесинде бир жылдың өзинде билимлерди өзлестириў 55 проценттен 60 процентке артты. Бул система жаңа оқыў жылынан жаңа мың мектепте енгизиледи.
«Усы жылы Өзбекстанда мектеплерди 14 мыңнан аслам оқыўшысы алтын ҳәм гүмис медальлар менен питкерди. «Үлкен беслик» пән олимпиадаларында қолға киргизген медальлар кейинги төрт жылда 2 есеге көбейди.
Атап өтилиўинше, жасларды үлкен дәрамат келтиретуғын кәсиплерге үйретиў, жоқары қосымша қун жарататуғын жойбарларды көбейтиўге айрықша итибар қаратылады. Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги жанындағы Жаслар исбилерменлиги қоры Жаслар агентлиги системасына өткериледи. Жойбардың таяр бизнеске айланып, дәрамат келтириўге шекемги барлық процесинде жәрдемлеседи. 14 район таңлап алынып, «төртинши санаат» кәсиплерине оқытыў орайы ашылады.
«Қызларға жәрдемлесиў, шараятларын жақсылаўға итибар даўам еттириледи. Аўыр шараятқа түсип қалған ҳаял-қызлар ушын барлық аймақларда 1 ханалы социаллық турақ жайлар қурылады. Олар жумысқа жайласып, «аяққа турып алғанға шекем», бул турақ жайларда 3 жыл даўамында бийпул жасаўы мүмкин болады. Денсаўлығы себепли жумысқа қатнай алмайтуғын қызлар шаңарағында кестешилик ямаса аралықтан жумыс пенен тәмийинленеди. Буннан тысқары, үш жасқа шекемги перзенти бар студент-қызларға аралықтан билим алыў имканияты жаратылады», – деп жазылған «Sahm News» мақаласында.
Қарақалпақстан хабар агентлиги