Усы жылы 20-21-июнь күнлери Қазақстан пайтахты Астана қаласында Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер энергетика министрлериниң төртинши мәжилиси болып өтти.

Онда мәмлекетлер энергетика министрлери «Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлердиң энергетика тараўындағы бирге ислесиўин 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясы» жойбарын көрип шығып, ШБШның гезектеги саммитине киргизиўге келисип алды.

Ҳүжжет 2030-жылға шекем ШБШға ағза мәмлекетлер энергетика тараўындағы бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларын нәзерде тутады. Соның ишинде, энергия ресурсларының транзит потенциалын раўажландырыў перспективаларын ҳәм экспорт бағдарларын диверсификациялаў имканиятларын белгилеў; санаатты раўажландырыў үстинликлери балансын жаратыў менен жаңа энергия системасын қәлиплестириў; дәстүрий энергия дәреклерин модернизациялаў, санаатты системалы жетилистириў; қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыў тараўында инновациялық технологиялар ҳәм илимди раўажландырыў, водород энергетикасын раўажландырыў; энергияны үнемлеў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўында жаңа шешимлерди енгизиў сыяқлы әҳмийетли жумыслар әмелге асырылады.

Энергетика министрликлери, сондай-ақ, ШБШға ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекетлер, сөйлесиў бойынша бирге ислесиўши мәмлекетлердиң энергетика секторы турақлылығы ҳәм раўажланыўын тәмийинлеўге қаратылған жаңа көзқарасларды ҳәм анық шешимлерди ислеп шығыўға жәрдемлесиўши энергетика тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыўға стратегиялық көзқарасларды додалады.

Министрлер глобаллық ҳәм регионаллық энергетика күн тәртибиниң бүгинги жағдайы ҳәм раўажланыў перспективалары бойынша пикир алысты. Энергетика санаатын раўажландырыў, атап айтқанда, бул тараўдағы жойбар ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыў ушын инвестиция ҳәм қаржыландырыўды тартыў имканиятларын көрип шықты.

Мағлыўмат ушын: Шанхай бирге ислесиў шөлкеми регионаллық шөлкем болып, ағза мәмлекетлер арасында сөйлесиў ҳәм бирге ислесиў платформасын тәмийинлейди. Бүгинги күнде ШБШға ағза мәмлекетлер үлесине дүнья жүзи жалпы ишки өнимниң дерлик үштен бир бөлеги, Евроазия аймағының 60 проценти ҳәм планетамыз халқының 42 проценти туўра келеди.

ШБШға ағза мәмлекетлер бирге ислесиў шеңберинде энергетика секторы оғада әҳмийетли. Себеби ол өз-ара бирге ислесиўдиң барлық тармақлары, атап айтқанда, экономикалық тараўды раўажландырыўға хызмет етеди. ШБШ энергия ресурсларының ири ислеп шығарыўшыларын, транзит мәмлекетлер ҳәм тутыныўшыларды бирлестиреди.

ӨзА