Пайтахтымыздағы “Өзбекстан” Халықаралық конференциялар сарайында Журналистика тараўындағы “Алтын қәлем” XVIII Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаў жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелерин салтанатлы түрде сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Жоқары дәрежеде ҳәм жаңа форматта шөлкемлестирилген бул сыйлықлаў мәресиминде белгили журналистлер, ветеран-устазлар, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ҳәм медиа тараўы хызметкерлери, журналистка бағдарындағы жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары, студент- жаслар, халықаралық шөлкемлер ҳәм елшиханалардың ўәкиллери, сондай-ақ, бир қатар сырт  мәмлекетлер медиа аўқамларының жуўапкерлери қатнасты.

Мәмлекетимизде болып атырған жаңаланыў процесслери ғалаба хабар қураллары жумысында да өзиниң жарқын көринисин таппақта. Барлық процесслерди жедел, қалыс, сын көзқарастан аналитикалық руўхта сәўлелендириўге болған умтылыс күшейди. Соның менен бирге, мәлимлеме тарқатыў процесинде үлкен жуўапкершилик пенен журналистлик кәсип этикасын терең аңлаған ҳалда қатнас жасаў барған сайын әҳмийетли орын ийелемекте.

Миллий медиа тараўында ғалаба хабар қураллары хызметкерлери, журналистлер арасындағы өткерилип атырған түрли таңлаўлардың көплигине қарамастан, ҳәр бир дөретиўши “Алтын қәлем” ийеси болыўды әрман етеди. Себеби “Алтын қәлем” таңлаўының орны жоқары, бул сыйлық дөретиўшилик майданында жоқары тән алыў рәмзине айланып үлгерди.

Салтанатлы илажда “Алтын қәлем” Миллий сыйлығын  Шөлкемлестириў комитетиниң баслығы, Өзбекстан Журналистлер аўқамы баслығы ўазыйпасын атқарыўшы Холмурод Салимов мәмлекетимизде Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәлимлеме тараўында кең көлемли реформалар алып барылып атырғанлығы, журналистлердиң жәмийеттеги белсендилигин арттырыў, оларды қоллап-қуўатлаў  ҳәм хошаметлеўге айрықша  итибар қаратылып атырғанына тоқтап, быйылғы “Алтын қәлем” таңлаўы ҳаққында мағлыўмат берди.

“Алтын қәлем” XVIII  Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўда 600 ге шамалас жергиликли ҳәм сырт ел ҒХҚ ўәкиллери 4 мыңнан зыят дөретиўшилик жумыслары менен қатнасты. Бул өз гезегинде, жәмийетте жүз берип атырған өзгерислер, жаңаланыўлар процесинде журналистлердиң хызметин көрсетеди. Бас Миллий сыйлық 2007-жылы енгизилди ҳәм тийкарғы номинациялар қатарына интернет-журналистика бағдары киргизилди.  Ҳәр бир бағдар бойынша







1-, 2-, ҳәм 3-, орынлар белгиленди. 2021-жылда баслап “Сырт елли журналисттиң Өзбекстан ҳаққындағы ең жақсы материалы ушын” номинациясы тийкарғы сыйлықлар қатарына қосылды. Заман талабынан келип шыққан ҳалда, усыныслар тийкарында “Алтын қәлем” таңлаўы режесине де өзгерислер киргизилди.

Президентимиздиң 2022-жыл 27-июньдағы “Ғалаба хабар қуралларын қоллап-қуўатлаў ҳәм журналистика тараўын раўажландыры илажлары ҳаққында”ғы қарарын орынлаў шеңберинде 2023-жылдан баслап “Алтын қәлем” таңлаўы хошаметлеў номинанациялары 5 тен 12 есеге көбейтилди. Оған бола, бас миллий сыйлық ийесине жеңил автомобиль берилиўи белгиленди.

Быйылғы таңлаўға телевидение бағдарында мәмлекетимиздеги мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес телеканалларда жумыс алып барып атырған 98 журналист өз материалларын усынған болса, радио бағдарында 26, баспа ҒХҚ бағдарында болса ең көп -178, интернет басылымлары бағдары бойынша 75, “Сырт елли журналисттиң Өзбекстан ҳаққындағы ең жақсы материалы ушын” номинациясында да ҳәр жылғыдан көп-40 тан аслам мәмлекеттен 100 ге шамалас журналист қатнасқан. Быйылғы таңлаўдың өзине тән тәреплеринен бири сонда, әдетте, ҳәр жылы жәмәәт болып қатнасыўшы редакциялар саны 5-10 ға шамалас болар еди.

Усы жылы алдынғы жылларға салыстырғанда жәмәәт болып қатнасыўшылардың саны 3 есеге артқан, яғный 40 ға шамалас редакция таңлаўға дөретиўшилик жумысларын усынды.

“Алтын қәлем” XVIII Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўда “Публицистикалық жанрдағы ең көп жақсы китап ушын” бағдары 12 номинациядан бири сыпатында белгиленген. Бул номинация бойынша 22 журналист 30 ға шамалас публицистикалық жанрдағы китаплар менен қатнасты.

Таңлаўдың “Ең жақсы фоторепортаж ушын” номинациясы жеңимпазы болса 47 фотожурналисттиң 1500 ге шамалас дөретиўшилик жумысларын баҳалаў арқалы анықланған. Бул бағдарда қатнасқан дөретиўшилер саны өткен жылға салыстырғанда дерлик 3 есеге артқаны фотожурналисттиң жәмийетлик турмыстағы белсендилигинен дәрек береди.

Хошаметлеўши номинацияның қалған 10 бағдары жеңимпазлары таңлаўдың телевидение, радио, баспа басылымлар ҳәм интернет басылымлары бойынша 550 ге шамалас ҒХҚ ўәкиллери арасынан сыйлыққа ылайық көрилген.

“Алтын қәлем” XVIII таңлаўында халықаралық бирге ислесиўшилер тәрепинен усыныс етилген хошаметлеўши номинациялар жәрияланғаны да итибарға алынған. Атап айтқанда, Қытай Халық Республикасының Өзбекстандағы елшиханасы тәрепинен енгизилген 2 номинация, Түркия Республикасының Өзбекстандағы елшиханасы тәрепинен киргизилген  1 номинация бойынша дөретиўши жумыслар қабыл етилди.

Халықаралық бирге ислесиўшилердиң хошаметлеўши номинациялары жеңимпазлары арнаўлы диплом ҳәм саўғалар менен сыйлықланады ҳәм Қытай Халық Республикасы ҳәм Түркия Республикасына бийпул саяхатқа барыў жолламасына ийе болады.

Таңлаў қатнасыўшыларының көплигин, жәрияланған дөретиўшилик жумыслардың рәң-бәреңлигин  есапқа алған Өзбекстан Журналистлер аўқамы және де еки қосымша хошаметлеўши номинация енгизилди ҳәм жеңимпазлар сыйлықланды.

“Алтын қәлем” XVIII Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўда Бас сыйлыққа Uzreport TV – Өзбекстандағы мәмлекетлик емес информациялық телеканалы мүнәсип деп табылды. Бас миллий сыйлыққа ылайық табылған жәмәәтке Президент саўғасы – “Tracker” автомобили саўға етилди.

Мәмлекетимизде болып атырған реформалар ғалаба хабар қуралларында да өз көринисин таппақта,- деди  “Uzreport TV” телеканалы бас редакторы Саидолимхон Турдибоев.- Мийнетимиз үлкен сахналарда жоқары атап өтилгенинен жүдә қуўанышлымыз. Буның ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдиремиз. Бул сыйлық пүткил жәмийетимиздиң жеңиси болып есапланады.

 

Салтанатлы илажда жеңимпазларға “Алтын қәлем” Миллий сыйлығының статуэткасы, дипломы, ақшалай сыйлықлары салтанатлы түрде тапсырылды.

                                                                                                                        ӨзА