Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң мирәт етиўине бола 8-9-май күнлери әмелий сапар менен Москва қаласында болды.

Сапар шеңберинде Өзбекстан         Республикасы     Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң ушырасыўы болып өтти.

Өзбекстан – Россия кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да беккемлеў, соның ишинде, саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Москва қаласына әмелий сапар шеңберинде Жеңистиң 79 жыллығына бағышланған салтанатлы илажларда қатнасты.

Москваның Қызыл майданында Жеңис парады болып өтти. Оны Беларусь Президенти Александр Лукашенко, Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғызстан Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов, Гвинея-Бисау Президенти Умару Сисоку Эмбало, Лаос Президенти Тхонглун Сисулит ҳәм Куба Президенти Мигель Диас Канель де бақлады.

Көплеген тарийхый дәлийл ҳәм мысаллар Өзбекстан халқы уллы жеңиске мүнәсип үлес қосқанын айқын тастыйықлайды.

Аянышлы урыс басланған биринши күнлерден-ақ ўатанласларымыз фашизмге қарсы мәртлик пенен гүресиўге атланды. Сол ўақытта республикамыз халқы 6,5 миллион адамды қураған болса, соннан 1 миллион 950 мыңнан асламы жаўыз душпан менен жүзбе-жүз болып, қанлы саўашларда қатнасқан. Бул батыр ҳәм дәўжүрек мәртлердиң 538 мыңнан асламы саўаш майданларында қайтыс болған. 158 мыңнан асламы бийдәрек кеткен.

Өзбекстанлы әскер ҳәм офицерлерден 214 мыңнан асламы жаўынгерлик орден ҳәм медальлар менен сыйлықланған. Соның ишинде, 301 ўатанласымыз Совет Аўқамы Қаҳарманы атағына, 70 и болса үш дәрежедеги «Слава» орденине ийе болған.

Екинши жер жүзилик урыс дәўиринде өзбекстанлы офицерлер арасынан онлаған генераллар, шебер әскерлер жетилисип шыққан.

Өзбекстан урыс жылларында фронт артындағы беккем тәмийнат базасына айланды. Елимизден саўаш майданларына үлкен муғдарда қурал-жарақ, азық-аўқат, дәри-дәрмақ, кийим-кеншек, палатка, парашют ҳәм басқа да зәрүр өнимлер жиберилген. Урыс болып атырған аймақлардан Өзбекстанға 170 тен аслам завод ҳәм фабрика көширилип, жеделлик пенен иске қосылған. Өзбекстан халқы 1941-1943-жылларда қорғаныў фондына 475 миллион рубльден аслам қаржыны, 22 миллион рубль муғдарында баҳалы жеке буйымларды ықтыярлы түрде тапсырғаны жеңисти жақынластырыўға және бир әҳмийетли үлес болып қосылды.

Сол аласатлы жылларда халқымыз гуманизм ҳәм инсаныйлық бабында өзине тән тарийхый мектеп жаратты. Урыс жалыны ишинде қалған аймақлардан көширип келтирилген, түрли миллетке тийисли 1 миллион 500 мыңға шамалас инсанлар Өзбекстаннан пана тапты. Олардың арасында 250 мыңнан аслам жетим балалар да бар еди. Халқымыз бул балаларға меҳир берди, соңғы тислем нанын да олар менен бөлискен.

Халқымыздың жоқары мәртлиги ҳәм кеңпейиллигин тастыйықлаўшы бул тарийхый дәлийллер халықаралық жәмийетшилик тәрепинен кеңнен тән алынған.

Елимизде Екинши жер жүзилик урыста қатнасқан ҳәм фронт артында пидәкерлик пенен мийнет еткен ата-бабаларымыздың мәртлигин мәңгилестириўге айрықша итибар қаратылмақта. Урыс қатнасыўшылары ҳәм майыплары ҳәр жылы хошаметленбекте. Ташкент қаласында үлкен «Жеңис парки» ашылды, усы күнге шекем ол жерге 2 миллион 200 мыңнан аслам зыяратшылар келди.

Илаждан кейин Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Россия Президенти Владимир Путин ҳәм басқа да мәмлекетлердиң жетекшилери менен бирге Александр паркиндеги «Белгисиз әскер» естелигине гүл қойды.

Естелик Екинши жер жүзилик урыста Ўатан ушын жанын пидә еткен түрли миллетлерге тийисли миллионлаған әскерлер, соның ишинде, өзбек перзентлериниң қаҳарманлығы ҳәм мәртлигиниң белгиси болып есапланады.

Президентлер бир минутлық тынышлық пенен әскерлер естелигине ҳүрмет көрсетти.

Мәресим жуўмағында ҳүрметли қараўыл ҳәм оркестр салтанатлы түрде сап тартып өтти.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Россия Федерациясына әмелий сапары жуўмақланды.

ӨзА