Өткен ҳәпте даўамында орынларда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «2020-2025-жылларда китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў миллий бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары тийкарында IV Республикалық «Китапқумарлық ҳәптелиги» шеңберинде бир қатар илажлар өткерилди.

Бул бағдарда Нөкис районлық Мәлимлеме-китапхана орайында да бир қатар ушырасыўлар, мәдений, руўхый-ағартыўшылық илажлар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, орайда ҳәптелик шеңберинде «Өзбекстан китапқумарлар ели» атамасында районның мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы мектеплердиң китапханашылары арасында «Халық арасында китапқумарлықты раўажландырыў” атамасында семинар-тренинг өткерилди.

Тренингте Мәлимлеме-китапхана орайының китап топлаў, сақлаў ҳәм қайта таярлаў хызмети, мәлимлеме-коммуникация ҳәм санластырыў хызмети, абонементлер ҳәм пайдаланыўшыларға хызмет көрсетиў хызмети, информация-библиография хызмети басшылары мектеп китапханашыларына китапқумарлықты кеңнен үгит-нәсиятлаў, китап алыў ҳәм мағлыўмат алыў мәденияты, заманагөй китапханашы қандай болыўы кереклиги, жаңа технология «Unicat» программасы бойынша, ғалаба хабар қуралларында, газета ҳәм журналларда, радиода китапханада алып барылып атырған илажларды китапхана жаңалықларында сәўлелендириўдиң усыллары бойынша мағлыўматлар берилди.

Тренинг жуўмағында белсене қатнасқан китапханашылар хошаметленип барылды.

Ҳәптелик шеңбериндеги илажлар келеси күни де даўам етти. Оған район ҳәкимлигиниң басшылары, тийисли жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасып, ҳәптеликти өткериўдиң әҳмийети ҳаққында пикир-усыныслар билдирилди.

Илажда халыққа, әсиресе, жасларға мағлыўмат алыўдың дәреклери, түрлери ҳәм усылларын жеткериў арқалы китапқумарлықты ҳәм китап оқыўды үгит-нәсиятлаў, жаслардың билимин ҳәм дәрежесин кеңейтиўге қаратылған илажлар арқалы олардың китапханаларға қызығыўшылығын арттырыўдан ибарат екенлиги атап өтилди.

Усы күни «Китапсүйер жаслар руўхый билим тәрбияшысы” атамасында китаплар көргизбеси де шөлкемлестирилди. Оған кең жәмийетшилик ўәкиллери менен бирге, райондағы 7 жастан 70 жасқа шекемги китапқумар оқыўшылар қатнасып, өзбек, қарақалпақ ҳәм дүнья әдебияты китаплары ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Орайда усы ҳәптелик шеңберинде қарақалпақ классик шайыры Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығына бағышланған «Қарақалпақ халқының руўхый дүньясын байытқан шайыр» атамасында көркем әдебиятқа байланыслы кеше де өткерилди. Онда қәнигелер тәрепинен классик шайырдың өмир жолы, дөретиўшилиги ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.

Орайда және китапханаға келген жаңа әдебиятлар менен таныстырыў мақсетинде жаңа китаплар презентациясы өткерилди. Соңғы 2023-24-жыллар даўамында китапхана 9869 жаңа китаплар менен тәмийинленди. Соннан, қарақалпақ тилинде 2026, өзбек тилинде 7085, рус тилинде 414, басқа тиллерде 344 китап келген.

Орай тәрепинен 22-апрель күни «Зәкаўат» ойыны шөлкемлестирилди. Илажға Нөкис районы ИИБ, Айрықша жағдайлар басқармасы, кәсип-өнер мектеби, 27-санлы улыўма билим бериў мектебинен жаслар қатнасты. Илаж жуўмағында 27-мектеп биринши, кәсип-өнер мектеби екинши ҳәм Айрықша жағдайлар бөлими үшинши орынды ийеледи.

23-апрель күни ҳәптелик шеңберинде “Өзбекстан китапқумарлар ели!” сүрени астында «Үлкемиз жазыўшы-шайырлары китапханамызда» атамасында әдебий ушырасыў кешеси болып өтти. Оған Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист Пердегүл Хожамуратова, белгили жазыўшы Даўлетмурат Есебаев, мийнети сиңген устаз, нураный устазлар Ҳүрлиман Бердиева, Балтабай Төребаев, Алмагүл Қурбаниязова, «Ақмаңғыт таңы» газетасының бас редакторы Абдималик Хожаназаров, район прокурорының орынбасары Алишер Худайбергеновлар қатнасты.



 

Олар мектеп оқыўшылары, устазлары ҳәм китапқумар жасларға өзлериниң басып өткен өмир жоллары, дөретиўшилиги, сондай-ақ, балалықтағы дөретиўшиликке қызығыўшылығын оятқан устазлары ҳаққында айтып, китаптың инсан өмиринде тутқан орны ҳаққында пикир-усынысларын билдирди.

«Шайырлардың кеўил ойларына нәзер» атамасында китаплар көргизбеси шөлкемлестирилди. Кеше соңында белсене қатнасқан оқыўшыларға ҳүрмет жарлықлары тапсырылып, районлық Мәденият бөлиминиң хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Ҳәптелик шеңберинде район прокурорының орынбасары Алишер Худайбергеновтың басшылығында район жасларының китапханаға экскурсиясы шөлкемлестирилди. Экскурсия даўамында жаңа әдебиятлар, китапқумар оқыўшы-жаслар ушын жаратылған щараятлар менен жақыннан танысты.

Орайда түркмен халқының классик шайыры Мақтымқулы Пырағыйдың 300 жыллығына бағышланған илаж да шөлкемлестирилди. “Халық сүйген шайырды ел ардақлайды” атамасында өткерилген бул кешеде Мақтымқулының өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында, шайырдың үлкен тәрбиялық әҳмийетке ийе қосық қатарларынан айтылып, кеше Мәденият бөлими хызметкерлериниң сахналық шығыўлары, шайырдың шығармалары тийкарында жазылған нама ҳәм қосықлар менен даўам етди.

Орайда “Меҳир, қайыр-сақаўат инсан зийнети” атамасында имканияты шекленген китапқумар оқыўшылар ушын да илаж шөлкемлестирилди.

Кешеге Нөкис районы Инсан социаллық хызметлер орайының қәнигеси Айнура Бекманова, ишки ислер бөлими баслығының орынбасары Жеңис Реймов, айрықша жағдайлар бөлиминиң қәнигелери қатнасып, жақсы тилеклерин билдирди.

Илажда Саманбай АПЖ да жасаўшы Е.Жолдасбаев өзи салған сүўретлери ҳәм қолдан қағаз жәрдеминде ислеген буйымларын көрсеткен болса, 27-санлы мектеп оқыўшысы З.Меңлимуратов өзи жақсы көрип оқыған қосықларынан оқыды, ал Бақаншақлы АПЖ да жасаўшы 2007-жылы туўылған А.Жиенбаева өзи оқыған дәстанлардан айтып берди..

Кеше соңында Инсан социаллық хызметлер орайы, Нөкис районы Мәлимлеме-китапхана орайы тәрепинен таярланған естелик саўғалары, Ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

Ҳәптелик даўамында орайда өткерилген усындай илажлардың барлығы бир мақсетке – халық, әсиресе, жаслар арасында китапқумарлықты раўажландырыўға қаратылған илажлар болып есапланады. Бир неше жыллардан берли дәстүрге айланған бундай илажлар, әлбетте, жасларымызды китаплар арқалы тәрбиялаўға, олардың ой-өрисин кеңейтиўге, билимин, мәдениятын, тил байлығын арттырыўға хызмет етпекте.

Инсанның ой-өрисин, ақыл-парасатын, дүньяға дурыс көзқарасын қәлиплестирип, раўажландырыўда китаптың тутқан орны айрықша. Сонлықтан да китап – руўхый азық дәреги болып есапланады.

Гүлжаҳан Сейдуллаева,

Нөкис районлық Мәлимлеме-китапхана орайының

китап фондын толтырыў, сақлаў ҳәм оларды қайта ислеў бөлими баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги