Ҳәр жылы дүньяның 50 ден аслам мәмлекетинде 22-апрель күни Халықаралық Жер күни белгиленеди. Усы мүнәсибет пенен Ташкентте «Жер деградациясына қарсы гүресиўдиң интенсив ҳәм инновациялық шешими» атамасында халықаралық конференция өткерилди.

БМШ Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) тәрепинен Өзбекстан Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм «Ўздаверлойиҳа» мәмлекетлик илимий жойбарлаў институты менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда Олий Мажлис, министрликлер, уйымлар, халықаралық шөлкемлер, илимий топар ўәкиллери қатнасты.

БМШ Бас Ассамблеясы 63-сессиясында тастыйықланған Халықаралық Жер күни ҳәзирги ҳәм келешек әўладтың экономикалық, социаллық, экологиялық мүтәжлиги арасында тең салмақлылыққа ерисиў ушын қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбият пенен үнлесликке ерисиў әҳмийетли екенин атап өтеди.

Елимизде климаттың өзгериўи себепли күшейип атырған жер деградациясына қарсы гүресиўге айрықша итибар қаратылады. 2022-жылы мәмлекетимиз басшысының «Жер деградациясына қарсы нәтийжели гүресиў системасын жаратыў илажлары ҳаққында»ғы қарары усы жолдағы әҳмийетли қәдем болып есапланады. Бул ҳүжжетте жер деградациясына қарсы гүресиў ҳәм усы жағдайдың унамсыз ақыбетин жумсартыў, аймақларда шөллениў ҳәм қурғақшылықтың алдын алыў, биологиялық көптүрлиликти сақлаў, топырақ өнимдарлығын арттырыў, деградацияға ушыраған жерди қайта тиклеў, алдынғы илимий қолланба, инновациядан кеңнен пайдаланыў тийкарында турақлы раўажланыўға ерисиў бойынша бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилген.

ФАО елимизде әне усы бағдарда бир қатар жойбарларды әмелге асырып атыр. Глобаллық экология қоры (GEF) тәрепинен қаржыландырылып атырған «Өзбекстанда азық-аўқат системасының жерден пайдаланыў ҳәм қайта тиклеўге тәсирин баҳалаў бағдарламасы» – «FOLUR» ҳәм «Өзбекстанның қурғақшылыққа ушыраған экосистемасында жайлаў ҳәм тоғайларды турақлы басқарыў» жойбарлары усылардың қатарына киреди.

– Өзбекстанның 2020-2030-жылларға мөлшерленген аўыл хожалығын раўажландырыў стратегиясына сәйкес келетуғын FOLUR бағдарламасында тийкарғы итибар аўыл хожалығы азық-аўқат тармағын модернизациялаў, жер деградациясын азайтыў, қоршаған орталықты қорғаў, аўылларды раўажландырыў бағдарламаларын әмелге асырыўға қаратылған, – дейди жойбар муўапықластырыўшысы Азиз Нурбеков. – Баслама, сондай-ақ, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, халықтың қәўипсиз аўқатланыў системасын жетилистириўге де хызмет етеди. Төрт мақсет – Ҳүкиметти нормативлик-ҳуқықый база шеңберинде қоллап-қуўатлаў, бийдай жетистириў ландшафтына итибар қаратыў, биологиялық көптүрлилик мәселесин көрип шығыў ҳәм қәнигелердиң маманлығын арттырыўды нәзерде тутады.

Халықаралық конференция мүнәсибети менен ФАО ҳәм Қурғақшыл регионларда аўыл хожалығы илимий-изертлеўлер халықаралық орайы (ICARDA) арасында бийдай жетистириўде жер деградациясының тең салмақлылығын ҳәм климат ушын қәўипсиз агротехникалық илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў бойынша келисимге қол қойылды.

Конференция шеңберинде жер деградациясының тең салмақлылығына ерисиўге қаратылған «Өзбекстанның қурғақшылыққа ушыраған экосистемасын тоғай ҳәм жайлаўды турақлы басқарыў» жойбары техникалық жумысшы топарының мәжилиси де болып өтти.

Жумысшы топар ағзалары республикамыз тоғайлары, аўыл хожалығы жерлери ҳәм жайлаўлар деградациясының алдын алыўға қаратылған технологияны көзден өткерди. Жуўмағында жергиликли топырақ-климат шараятын есапқа алған ҳалда, қәнигелер тәрепинен таңлап алынған агротехнология дизими ислеп шығылып, Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятларының еки районында сынақтан өткериледи ҳәм кейин ала республиканың басқа да аймақларына енгизиледи.

Беҳруз Худойбердиев, ӨзА