«Қоңыраткөл» аўыл пуқаралар жыйыны Тахтакөпир районы орайынан 25-30 км узақлықта жайласқан ең шетки аймақлардың бири. Бүгинги күни 170 тен аслам хожалықта бир мың үш жүзден аслам халық тыныш-татыў өмир сүрмекте.

Республикамыздың барлық аймақларында болғаны сыяқлы, бул жерде де соңғы жыллары көплеген унамлы өзгерислер жүз бермекте. Атап айтатуғын болсақ, 2022-жылы «Абат аўыл» бағдарламасы тийкарында аймақта социаллық обьектлер қайта оңланып, гүзар жоллар ҳәм көшелерге шағыл-қум тас араласпасы төселди. Соның ишинде, усы елат халқына медициналық жақтан хызмет көрсетиўши шаңарақлық шыпакерлик пунктиниң иске түсирилиўи аўыл халқын шексиз қуўанышқа бөледи.

-Буннан 8-9 жыл бурын медицина тараўындағы мәкемелерди оптималластырыў бойынша жүргизилген сиясат нәтийжесинде, шыпакерлик пунктимиз жабылып қалған еди,-дейди аймақ турғыны С.Жаметов.-2022-жылы «Абат аўыл» мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында, бурын хожалық кеңсеси болған еки қабатлы имарат капитал оңлаўдан шығарылып, шаңарақлық шыпакерлик пунктке айландырылды ҳәм 2023-жылдың басынан баслап аўыл халқына хызмет көрсетип келмекте. Буның ушын елимиз басшыларына терең миннетдаршылық билдиремиз.

Ҳақыйқатында да, бүгинги күни 2 шыпакер ҳәм оннан аслам орта буўын медицина хызметкерлери жумыс ислеп атырған пунктте, аймақ турғынларына сапалы медициналық хызмет көрсетиў бойынша ҳәр тәреплеме қолайлы шараятлар жаратылып берилген.

-Халыққа қолайлық жаратыў мақсетинде, 5 орынлық күндизги стационар орнын шөлкемлестирип қойыппыз,-дейди Тахтакөпир районлық медицина бирлеспесиниң бас шыпакери Ықлас Дәрибаев.-Бул жерде наўқаслар шыпакерлер тәрепинен буйырылған емлерди алып, өз ўақтында саўалып кетпекте.

-2018-жылы 1-санлы медицина колледжин питкерип, соннан берли жумыссыз жүрген едим,-дейди шыпакерлик пункти хызметкери Олжас Баймағамбетов.-Аўылдағы шыпакерлик пункттиң қайтадан ашылатуғынлығын еситип, Нөкис қаласындағы орта буўын медицина хызметкерлериниң билимин жетилистириў орайында қосымша оқып алдым ҳәм 2023-жылдан берли бул жерде IT фельдшер болып ислеп атырман. Мениң тийкарғы ўазыйпам наўқаслардың мағлыўмат электрон дизимге киргизип, шыпакерлердиң алдына жиберемен. Бул әлбетте, аймақ халқы ушын да, шыпакерлер ушын да қолайлы болмақта.

Тахтакөпир районы аймағында исленип атырған бундай унамлы өзгерис ҳәм жаңаланыўлардан халықтың кеўли толып, медицина хызметкерлерине өзлериниң миннетдаршылықларын билдирмекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги