Орынларда жаңа нызам жойбарларын додалаўға бағышланған ушырасыўлар даўам етпекте.

Усындай ушырасыў Хожели районындағы Әбиў Әлий ибн Сино атындағы жәмийет саламатлығы техникумында да болып өтти.

Бул жерде Өзбекстан Республикасы Олий Мәжлиси Нызамшылық палатасының депутаты М.Ибрагимов ҳәм район ҳәкими Ж.Ермашевлар аймақтағы көше бийлери менен ушырасып, ашық сәўбет өткерилди.

Сөзге шыққанлар кейинги жылларда мәмлекетимизде “Инсан қәдири” принципи тийкарында әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформаларға айрықша тоқтап өтти.

Сондай-ақ, “Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына ҳәм оларда қурылған имаратларға болған ҳуқықларды белгилеў ҳаққында”ғы  нызам жойбары ҳәм Министрлер Кабинетиниң усы жыл 16-апрельдеги “Жанылғы-энергетика тараўында базар механизмлерин енгизиўдиң қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарарында нәзерде тутылған электр энергиясы, тәбийғый газ төлемлериндеги тарифлердиң 2024-жыл 1-май күнинен баслап өзгериўи бойынша түсиниклер берилди.

Ушырасыў даўамында қатнасыўшылардың пикир-усыныслары тыңланып, олар өзлериниң қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги