Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Б.Алдамуратов пенен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўға район ҳәкиминиң орынбасарлары, сиясий партия басшылары, райондағы мәкеме, кәрхана, шөлкем басшылары, мәҳәлле беслиги ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыў даўамында депутат Б.Алдамуратов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы тәрепинен қабыл етилип атырған «Өз басымшалық пенен ийелеп алынған жер участкасына ҳәм оларға қурылған имаратларға болған ҳуқықларын тән алыў туўралы” нызам жойбары ҳаққында мағлыўматлер берилди.

Сондай ақ, усы жылдың 16-апрель күни қабыл етилген Өзбекстан Республикаси Министрлер Кабинетиниң «Жанар май – энергетика тараўында базар механизмлерин енгизиўдиң қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарарына тоқталып, 1-май сәнесинен баслап халық ушын электр энергиясы ҳәм тәбийғый газдиң бир айлық тутыныўының «базалық нормалары» ҳаққында ҳәм мәмлекетимизде «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде алып барылып атырған жумыслар ҳаққында айтып, “Сайхунобод районы тәжирийбеси” шеңберинде республикамыздағы барлық мәҳәллерде жолға қойылған реформалар туўралы кеңнен түсиниклер берди.

Ушырасыўда қатнасыўшылардың пикир-усыныслары тыңланып, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги