Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Өзбекстан Республикасы Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы ҳәм оныӊ системасындағы шөлкемлер ҳаққындағы режелерди тастыйықлаў ҳаққында” қарар қабыл етти.

Қарар менен:

Өзбекстан Республикасы Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлиги ҳаққындағы реже;

Өзбекстан Республиксы Министрлер Кабинети жанындағы Республика архитектура ҳәм қала қурылысы кеӊеси ҳаққындағы реже ҳәм оныӊ қурамы;

Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлиги, ўәлаятлар қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы бас басқармалары, Ташкент қалалық қурылыс бас басқармасы жанындағы аймақлық архитектура-қала қурылысы кеӊеси ҳаққындағы үлги реже ҳәм оныӊ үлги қурамы;

Өзбекстан Республикасы Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлиги жанындағы Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы тараўында қадағалаў инспекциясы ҳаққындағы реже;

Өзбекстан Республикасы Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлиги жанындағы Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы тараўында аймақлық қадағалаў инспекциясы ҳаққындағы реже;

Өзбекстан Республикасы Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлиги жумысын қоллап-қуўатлаў қоры ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Бул Реже Өзбекстан Республикасы Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлиги, Ташкент қаласы Қурылыс ҳәм Ташкент қаласы Турақ жай коммунал хожалығы бас басқармасы ҳәм олардыӊ районлық бөлимлери, ўәлаятлар Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы бас басқармалары менен район бөлимлериниӊ тийкарғы ўазыйпалары, функциялары, ҳуқықлары, жуўапкерлигин ҳәм жумысын шөлкемлестириў тәртибин белгилейди.

Министрлик Өзбекстан Республикасында қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асыратуғын арнаўлы ўәкилликли республикалық атқарыўн ҳәкимияты уйымы есапланады.

ӨзА