Соңғы жыллары елимизде мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлер хызметиниң ашықлығын тәмийинлеў, олардың ғалаба хабар қураллары менен өз-ара байланысын күшейтиў, кең жәмийетшилик тәрепинен билдирилип атырған пикир-усыныс ҳәм талқылаўлар тийкарында өз хызметин жетилистириў мәселесине айрықша итибар қаратылмақта.

Мәмлекетимиздиң медиа-майданында мәлимлеме ағымының көлеми ҳәм тезлиги, ишки ҳәм сыртқы күшлер саны, фейк хабарлар, манипуляция ҳәм дезинформация фактлери көбейип бармақта. Бундай шараятта мәмлекетлик уйымлардан мәлимлеме сиясатын системалы, ашық-айдын түрде жүргизиў, түрли бәсекили ҳәм унамсыз жағдайларға өз ўақтында мүнәсибет билдириў  ҳәм әмелге асырылып атырған реформаларды халыққа әпиўайы және ықшам форматта тезлик пенен  үзликсиз түрде  жеткерип бериў тийкарғы ўазыйпа есапланады.

Пайтахтымыз Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм МҒКА менен биргеликте шөлкемлестирилген «Мәлимлеме хызметлери жумысы: ашық-айдынлық, оперативлик ҳәм  тийкарғы өлшем» атамасында  конференция болып өтпекте. Онда министрликлер ҳәм шөлкемлердеги баспасөз хаткерлери, журналистлер қатнаспақта.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги директоры А.Худжаев сөзге шығып, тараўда алып барылып атырған жумыслар, нәтийжелер, машқалалар ҳәм де шешимлер менен алдағы режелер ҳаққында айтып өтти.


Буннан соң уш күн даўам ететуғын конференция жумысында әмелге асырылатуғын жумыслар, әнжуманлар, семинарлар ҳәм пресс-турлар бойынша толық мағлыўматлар берилди.

Илаждың ашылыў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги