Бүгинги күнде илим ҳәм техниканың раўажланыўы, жетилисиўи менен, алдаўшылық жынаятының да түрли көринислери көбейип кетти.

Әсиресе, кейинги ўақытта көпшиликти тәшўишке салып атырган кибер жынаятшылық ақыбетинде қаншадан қанша адамлар алданып, оныӊ қурбанына айланбақта. Сонлықтанда, әтирапта болып атырған ўакыя ҳәдийселерге бийпәрўа болмастан, ҳәр кимниң “Сениң исиңди питкерип беремен, яки болмаса банкте, жоқары турыўшы уйымларда танысларым бар, саған кредит алып беремен, жумысқа киргиземен, мениң аўҳалым дым төмен қарыз берип тур…”дегенлерге исене бермей, сақ болыў талап етиледи.  Қулласы, бундай сылтаў мысаллардың изин үзбей еле даўам ете бериў мүмкин. Бирақ, басқалардың исенимине кирип, түрли ғәрезли мәксетлер жолында оннан пайдаланыў, шахсқа материаллық зыян жеткериў -ҳәзирги күнде алдаўшылық жынаяты көбеймекте. Қарақалпақстан Республикасы судының жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясында өткерилген гезектеги ашық суд мәжилиси де усындай алдаўшылық жынаяты менен байланыслы болды.

Ашық суд мәжилисинде басшылық етиўши Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы Аметов, коллегия агзалары судьялар Давлетмуратов ҳәм Разов, судья жәрдемшиси Отарбаевтың хаткерлигинде, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы прокуроры, судланыўшы, оның қорғаўшысы, адвокатының қатнасыўында, жынаят иси апелляция тәртибинде көрип шығылды.

Ықлас (аты өзгертилди) 2001-жылы Қанлыкөл районында туўылған, миллети қарақалпақ, мағлыўматы орта. Ол белгили бир кәсип-өнер ийелеўдиң орнына шуғыл иске қол урып, жаслайынан “судланған” деген тамға алды. Оның менен теңдей-қурбы қурдаслары, дослары кими жоқары оқыў орнында оқып атырған болса, кими усташылық өнерин ийелеп, ата-анасына хожалықта жақын жәрдемши болып жүр. Ал, Ықлас ше!?  Я оқыўды, я жумысты келистире алмаған ол, өзи сыяқлы “бийталап” дос таўып, адамлардың исенимине кирип, өзин пулға мүтәж “бийшара” көрсетип, бир нешше пуқаралардың атларына мобиль телефондағы банклердиң қосымшалары арқалы ҳәр қыйлы муғдарда кредит пулларын шығартып алып, өзиниң мәслиги жолында ислетип жибереди.

Атап айтқанда, ол басқаның мүлкин ямаса мүлкке болған ҳуқықын мәлимлеме технологияларынан пайдаланып, алдаўшылық жолы менен өзлестириў арқалы жынайый жоллар менен материаллық байлық арттырыў мақсетин гөзлеп, өзиниң жынайый шериги “Т” исимли шахс пенен 2022-жылы декабрь айында пуқара “Ш”ға пул керек болып тур, сениң атыңа 3 миллион 500 мың сум кредит алайық, ҳәр айда өзим төлеймен деп, оны алдап пуқара “Ш”ның телефонына коммерциялық банктиң қосымшасы арқалы оған барлық мағлыўматларды жүклеп, 14 миллион 210 мыӊ сум муғдарында кредит шығарыўға ерисип, бул пулларды Хорезм ўәлаятындағы бир фирманың есап бетине өткерип, сол фирма ис жүргизиўшисинен бул пуллардан 12 миллион 800 мыӊ сумын нақлап алыўга ериседи ҳәм өз мәпи жолында пайдаланады. Сондай-ақ, пуқара “Ш”ға да бир сум берместен, оның исениминен пайдаланып, оған 14 миллион 210 мыӊ сум муғдарында материаллық зыян жеткереди.

Судланыўшы өзиниң жынайый шериги “Т” исимли шахс пенен және алдаў жолы арқалы пуқара “Ш” дан басқа 3 адамның атына усындай онлайн кредит алып, оны төлеместен, өз мәпи жолында ислетип жибереди.

Солай етип, судланыўшы Ықлас жоқарыдағы өзиниң ис-ҳәрекетлери менен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 168-статьясы 3-бөлиминиң “б,г” бантлеринде көрсетилген жынаятты қасттан ислегенликте айыплы деп табылған. Ис бойынша судланыўшы өзиниң шаңарақлық жағдайын, алдын судланбағанын, жас шаңарақ екенлигин, жеткерилген зыянлар толық қапланғанлығын итибарға алып жеңиллик қолланыўды сорап, судқа апелляциялық шағым арзасын жазады.

Қарақалпақстан Республикасы судының жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясы ис бойынша топланған дәлиллерди тексерип, оларға баҳа берип, суд ҳүкиминиң судланыўшы Ықласқа қараған тәрепине өзгерис киргизиўди лазым тапты ҳәм уйғарды.

Судланыўшы Ықлас Өзбекстан Республикасы жынаят кодексиниң 168-статьясы 3-бөлиминиң “б,г” бәнтлеринде көрсетилген жынаятты ислегенликте айыплы деп табылып, оған мийнет ҳақысының 10 процентин мәмлекет пайдасына услап қалған ҳалда 3 жыл мүддетке дүзетиў ислери жазасы тайынланып, суд залынан азат етилди.  Ықластың жазасы жеңилирегине алмастырылғанлығы бул оныӊ жуўапкершиликтен толық азат етилди дегени емес, ал жәмийеттен айырып тасламаған ҳалда мийнетке дүзетиў, дурыс жолды таңлап, ҳадал жасаўына және бир мүмкиншилик болып табылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги